Ma'daniyat БАЙРАМ АЛДЫНАН УШЫРАСЫЎ

БАЙРАМ АЛДЫНАН УШЫРАСЫЎ

0
БАЙРАМ АЛДЫНАН УШЫРАСЫЎ

Мәмлекетимиз Өзбекистан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 25 жыллығын  мүнәсип белгилемекте. Конституция- инсан, оның өмири, еркинлиги, қәдир-қымбаты ҳәм басқа да ҳуқықларын ең уллы қәдирият сыпатында тән алыўшы демократиялық мәмлекет қурыўдың ҳуқықый негизи болып табылады.

Өткен жылларға нәзер салар екенбиз, 25 жыл ишинде Конституция негизинде қаншадан қанша көлемли жумыслар әмелге асырылды. Турмысымыздың барлық салаларын раўажландырыў, инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, суд-ҳуқық системасын жетилистириўде Конституцияның әҳмийети үлкен болды. Конституцияны мәмлекетимиздиң басқа ҳүжжетлери менен салыстырып болмайды. Себеби онда тарийхыйлық, заманагөйлик, пуқаралардың мүнәсип турмыс кешириўи, халықтың жүрек төриндеги арзыў-үмитлери жәмленген. Сонлықтан да Конституцияны уллы мақсетлердиң руўхый тымсалы деп айта аламыз.

Конституция қабыл етилгенине 25 толыўы мүнәсибети менен орынларда ушырасыўлар өткерилмекте. Жақында райондағы аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжиниң мәжилислер залында Ташкент қаласынан ҳәм республикамыздан келген бир қатар мийманлар менен байрам ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыў кешесин район ҳәкиминиң орынбасары, районлық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Айсәнем Аллиярова кирис сөзи менен ашты ҳәм басқарып барды.

Буннан соң мийманларға сөз берилип, дәслеп Өзбекистан Республикасы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы жуўаплы хызметкери Адҳам Саттаров  Конституцияның жәмийетимиз ҳәм мәмлекетимиз турмысындағы әҳмийети ҳаққында айтып берди. Ол өз сөзинде:  «бүгин Конституцияның әҳмийетин пуқта өзлестирген ҳәр бир пуқара өзин және де күшли сезеди, өмирге деген исеними артады, кеўли қәтержам өмир сүреди» деп, беккем исеним билдирди.

Буннан кейин ¤збекистан Жазыўшылар аўқамы ағзасы, әдебияттаныўшы  Қозоқбой Йўлдашев, сондай-ақ, Өзбек Миллий драма театры актёры Fайрат Баймурзаевлар жыйналғанларды байрам менен қутлықлады. Актёр F.Баймурзаев Ўатан, ана, ҳаял, перзент ҳаққында өз дөретиўшилигинен монолог оқып берди. Бул ҳәр бир инсанның Ўатанға деген сүйиспеншилигин және де арттырды.

Сондай-ақ,  Қарақалпақстан Республикасы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы баслығы Қуўанышбай Юсупов та  жыйналғанларды уллы байрам менен қызғын қутлықлады.

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА