Siyosat ЖАСЛАРFА ҮЛГИ БОЛАР «ЖАСЛАР ПОЕЗДЫ»

ЖАСЛАРFА ҮЛГИ БОЛАР «ЖАСЛАР ПОЕЗДЫ»

0
ЖАСЛАРFА ҮЛГИ БОЛАР «ЖАСЛАР ПОЕЗДЫ»

Өзбекистан  Республикаси Президентиниң 2017-жыл 18-июль күнги «Өзбекистан жаслар аўқамы  жумысын жеделлестириўге қаратылған комплекс ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3138-санлы қарарының 51-бәнтине тийкарланып, ишки туризмди раўажландырыў ҳәм жасларды ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мақсетинде республикамыздың барлық орынларында «Жаслар поезды» үгит-нәсият акциясы өткерилиўи белгиленген еди.

Усы жылдың 19-сентябри  күни «Жаслар поезды» атамасы менен жолға шыққан үгит-нәсият акциясын алып барыўшылардың бир топары бизиң районымызғада жетип келди. Акцияға Өзбекистан Жаслар аўқамының орайлық Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген топарлар, бир қатар актёр  ҳәм алымлар, репортёрлар, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен эстрада қосықшылары қатнасты. Олардың арасында  алым Мўминжон Ходжаев, актёрлар Аббос Ибрагимов, Шокаримхўжа Носиров, эстрада қосықшыларынан Арепбай Алланиязов, Байрам Пердебаев, медицина хызметкери Дина өалабаева ҳәм репортёр Айдос Мухаммедияровлар бар.

Келген акция қатнасыўшылары дәслеп районлық музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде болып,  бул жерге жыйналған жаслардың ке-ўил кеширмелери, машқалалары менен ортақласты. Жыйналған район жаслары  өзлериниң усыныслары ҳәм қызықтырған сораўлары менен қатнасып, мийманлардың пикирлерин тыңлады, сораўларына жуўаплар алды. Өз-ара пикир алысыў, жақыннан сәўбетте болыў арқалы акция даўамында шөлкемлестирилген концерт бағдарламасының зор кей-пиятта ҳәм көтериңки руўхта өткерилиўине себеп болды. Сондай-ақ,  акция даўамында  белсенди жаслар сөзге шығып, бүгинги күнде халық-аралық таңлаўлар,  ерискен жетискенликлери, жаратылған шексиз имканиятлар ҳаққында кеўиллери толқып сөйледи ҳәм өзлери сыяқлы басқа да теңлеслерин жаратылған имканиятлардан толық пайдаланыўға, Ана Ўатанға, жәмийетке мүнәсип перзентлер болыўға шақырды.

Буннан кейин акция қатнасыўшылары Тахтакөпир аўыл пуқаралар жыйыны  аймағында жайласқан  «Азамат-Тахта» фермер хожалығы пахта далаларында болып, ол жердеги Өзбекистан Жаслар аўқамы районлық Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген, жәмлеспеген жаслардан дүзилген «Пидайы жаслар отряды» ағзаларына ҳармасын айтты. Йошлы  концерт бағдарламасы қойып берилди. 

Отряд ағзалары арасында өзлериниң белсендилиги менен қатнасып жүргенлер  ҳәм алдыңғы теримши жаслар Өзбекистан Жаслар аўқамы тәрепинен ҳәр түрли қымбат баҳалы саўғалар менен хошаметленди.

Усы күни  акция қатнасыўшылары  райондағы кем тәмийинленген шаңарақлар, үй тәрбиясында билим алып атырған жаслар, имканияты шекленген балаларды тәрбиялап атырған шаңарақларда болып,  олардың ата-аналары  ҳәм өзлери менен сәўбетлести, олардың пикир-усынысларын тыңлады. Балаларға ҳәр түрли мазмундағы әдебий ҳәм ертек китаплар саўға етилди. Жаслар ҳәм олардың ата-аналары өзлерине болған итибардан миннетдар екенин билдирди.

Күн даўамында өткерилген «Жаслар поезды» үгит-нәсият акциясы қатнасыўшылары «Атакөл» аўылында жайласқан 8-санлы улыўма билим бериў мектебинде де болды. Акция даўамында район жаслары көркем өнер тараўында, илим, медицина тараўында орны гиреўли  белгили  инсанлар менен ушырасыў арқалы өзлеринде қызығыўшылық, сол инсанлардай табысларға ерисиўге умтылыў, еликлеў сыяқлы әжайып туйғыларды өзлеринде түйген болса да әжеп емес. Себеби, биз жаслардың жүзлеринде, берип атырған сораўларында усы туйғыларды сезгендей болдық.

Ҳүрлиман АСЕНОВА