Siyosat ХАЛЫҚ МҮРӘЖАТЫ ЖУЎАПСЫЗ ҚАЛМАЙДЫ

ХАЛЫҚ МҮРӘЖАТЫ ЖУЎАПСЫЗ ҚАЛМАЙДЫ

0
ХАЛЫҚ МҮРӘЖАТЫ ЖУЎАПСЫЗ ҚАЛМАЙДЫ

Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басламасы менен алып барылып атырған мәмлекетлик  уйымлардың пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў мәселеси-бүгинги күнниң тийкарғы ўазыйпасына айналды. Атап айтқанда, мәмлекет органларының пуқаралар менен өз-ара мүнәсибетлери түптен қайта көрип шығылыўы, усы тийкарда халықтың пикирин тыңлаў, оларды қыйнап атырған машқалаларды үйренип шығыў, шешиўдиң жаңа механизмлери ҳәм нәтийжели усылларын  турмысқа енгизиў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.

Усындай мақсетте 3-август күни районлық балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң мәжилислер залында Республика ҳәм район мекемелери басшылары, жуўапкер хызметкерлери тәрепинен халық пенен сәўбетлесиў өткерилди. Бул бағдарлама  «Әдалатлы жәмийет қурыў ҳәм пуқаралардың нызамлы мәплерин қорғаў жолында коррупцияға қарсы гүресиў машқалалары»на қаратылды.

Алты саатлық болып өткен ушырасыўға қатнасқан Өзбекистан Республикасы Әдиллик министриниң орынбасары А.Усманов, усы министрликтиң басқарма баслығының орынбасары А.Мухаммадиев, Ташкент қалалық Әдиллик басқармасының биринши орынбасары Х.Очилов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри Жаңабай Садықов, министрдиң биринши орынбасары А.Атажанов, район ҳәкиминиң орынбасарлары, тийисли мекеме, шөлкем басшылары халықтың машқалаларын тыңлады.

Ушырасыўда 28 пуқара өзлериниң машқалалары менен қатнасты. Шымбай районынан 2 пуқара, Кегейли районынан 4 пуқара, Тахтакөпир районынан 22 пуқараның машқалалары тыңланды ҳәм өзлерине тийисли жуўаплар алды.

Ҳүрлиман Асенова