Siyosat ЕҢ ӘЗИЙЗ БАЙРАМЫҢ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!

ЕҢ ӘЗИЙЗ БАЙРАМЫҢ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!

0
ЕҢ ӘЗИЙЗ БАЙРАМЫҢ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!

Жақын күнлерде әсирлерге татыйтуғын ғәрезсизлигимиздиң 26 жыллығын пүткил Өзбекистан халқы  ушын ең уллы, ең әзийз болған байрамды қарсы алып белгилеймиз.

Халық хожалығында, билимлендириў, өндирис, медицина, мәденият, қурылыс, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларда ерискен табысларымызды пүткил дүнья тән алмақта.

1991-жылға дейин Өзбекистан деген мәмлекетти көпшилик еллер билерме еди? Мине, арадан 26 жыл ўақыт өтип, дүньядағы ең қүдиретли ҳәм бай мәмлекетлерден болған Америка қурама штатлары, Россия, Қытай Халық Республикасы, Германия, Түслик Корея ҳәм Япониялардың тез пәт пенен раўажланып баратырған ¤збекистан мәмлекетин тән алып, шеригимизге айланып баратырғаны ойымызға келмеген еди.

Биз бүгин дүнья сиясатына өзимиздиң пикиримизди билдиретуғын, биз бенен есапласатуғын қүдиретли мәмлекетке айландық. Өзбекистанды ҳәмме биледи, биз бенен есапласады.

Дүнья сиясат майданында  өз орнымыз, айтар сөзимиз бар.  Қысқа дәўир ишинде урыс-қағыс, даў-жәнжелсиз мәмлекетимиз ғәрезсизлигин қолға киргизиўге, миллий мәмлекетимизди қурған Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти И.Кәримов ҳәм оның шәкирти, Президент пәрман ҳәм қарарларын тиккелей  орынлаўшы, сол ўақыттағы мәмлекет бас ўәзири, ал ҳәзир журтымыз басшысы Ш.Мирзиёевтиң қосқан үлкен үлеси деп билемиз.

Мәмлекетимиздиң Биринши Президенти И.Кәримов дүньядан өткеннен соң оның орнына ел басшымыздың ислеген ислерин даўамлаўшы инсанды, халқымызды қасына жәмлеп, олар менен бирге пикирлесетуғын инсанды сайлаў керек болды.

Қудайға мың да бир шүкир, халқымыз өз тәғдирин ҳәм  келешегин Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти, ҳәммемиз ушын қәдирли инсан болған И.Кәримовтың шәкирти, өз халқын шын сүйетуғын Ш.Мирзиёевқа даўыс берип, Президент етип сайлады. Халық өз келешегин бул тәжирийбели инсанға тапсырып, қәтелеспегенин елимиздеги болып атырған жаңаланыўлардың өзи дәлийллеп бер-мекте.

Ҳәммемиздиң хабарымыз бар, Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев өзиниң мәмлекет басшысы ретиндеги биринши сапарын қарақалпақ диярынан баслаўы үлкен әҳмийетке ийе. Буны мәмлекетимиз басшысының өарақалпақстанға, қарақалпақ халқына деген жоқары ҳүрмети деп билемиз.

Быйылғы жылдың «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» деп аталыўы менен ҳәр бир тараўда өзгешеликлер көзге тасланбақта. «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген мақсетти алдыға қойған Президентимиздиң тиккелей басламасы менен орынларда Халық қабыллаўханалары шөлкемлестирилип,  халқымыздың тилек-өтинишлери тыңланып, өз шешимлерин таппақта.

Елимиз басшысы басламасы менен ислеп шығылған «2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың тийкарғы бес бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы»ның мазмун-мәнисин тиккелей басшылыққа алыўымыз, жәмийетимиздиң ўазыйпасы деп билемиз.

Мәмлекетимиз тәрепинен исбилермен, фермер ҳәм дийхан хожалықлары ушын бир қанша жеңилликлер жаратылып атыр.

Президентимиздиң тиккелей басламасы менен аўыл хожалық өнимлериниң сатып алыў баҳасы қайта көрип шығылды.

Районымызда аўыл хожалығы бойынша  еки Өзбекистан Қаҳарманы, еки Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары ҳәм Өзбекистан Олий Мажлис Сенат ағзаларының шығыўы ғәрезсизлигимиздиң шарапаты деп билемен.

Уллы Саҳыпқыран Әмир Темур бабамыз: «Бизиң қүдиретимизди билгиңиз келсе биз қурған имаратларды келип көриң» деген еди. Бүгинги күни мәмлекетимиздиң қай жерине барсаң да қурылыс ҳәм қайта оңлаў жумысларының гүўасы боламыз.

Қарақалпақстан Республикасының пайтахты Нөкис қаласындағы бой тиклеп атырған көп этажлы, бири-бирин тәкирарламайтуғын турақ жайлар, өндирис кәрханалары, Нөкис темир жол вокзалы, мәденият орынлары, спорт комплекслери, «Дослық» каналы бойындағы исленген абаданластырыў жумысларын көрип, қалалар да жас өспиримлердей өнип-өсип атырғанының гүўасы бола-мыз. Бундай қурылыс жумысларын республикамыздың шетки аўылларында да көриўге болады.

Елимиздиң жасларына шаңарақ қурғаннан кейин оларды буннан былай да қоллап-қуўатлаў ушын 2018-2021-жылларда арзан турақ жай қурыў бағдарламасы ислеп шығылды.

Қулласы, Өзбекистан Республикасының 26 жыллық раўажланыў жолындағы табысларды бүгинги күнде ҳәр бир тараўда көриўге болады.

Ата-бабаларымыз әрман еткен ғәрезсизликтиң бизге аңсатлық пенен келмегенин ҳәр биримиз терең түсине билиўимиз, қәдирлеўимиз, асырап сақлаўымыз ҳәм парыз ҳәм қарыз.

Fәрезсиз Ўатанымыз мәңги жасай берсин! Байрам бәршеге қутлы мүбәрек болсын, әзийз  халқым!

 

Шахнияз ТИЛЕЎОВ

Мийнет нураныйы