Siyosat КӘСИПЛИК АЎҚАМЛАРЫ ШӨЛКЕМЛЕРИНИҢ ФОРУМЫ

КӘСИПЛИК АЎҚАМЛАРЫ ШӨЛКЕМЛЕРИНИҢ ФОРУМЫ

1
КӘСИПЛИК АЎҚАМЛАРЫ ШӨЛКЕМЛЕРИНИҢ ФОРУМЫ

                   «Кәсиплик аўқамлары Ўатан келешеги жолында адамлардың дәртин    

                     еситиў, олар менен ашық пикирлесиў, аўырын жеңил етиў, халық-

                    тың мәмлекет ҳәм жәмийетке исенимин беккемлеўге хызмет етеди»

Ш.М.Мирзиёев

Өзбекистан Республикасы Президенти

Мәмлекетимизде ғәрезсизлик жылларында кең көлемли реформалар әмелге асырылып, булардың барлығы тиккелей инсан ушын, оның жақсы жасаўы, пәраўанлығы ушын хызмет етип келмекте. Усындай уллы ислердиң даўамы сыпатында   2017-жыл 7-февраль  сәнесинде қабыл етилген Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан Республикасын буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳаққында»ғы Пәрманында белгилеп берилген бес тийкарғы жөнелис бойынша бағдарламаның орынланыўы ҳәр биримиздиң ертеңги келешегимизди жаратыў ушын, социал-экономикалық жақтан раўажланыўы ушын беккем тийкар болады ҳәм халықты бийик шыңларға жетелейди.

Усы  тийкарда Ҳәрекетлер стратегиясын Әмелге асырыўда бизиң Өзбекистан кәсиплик аўқамлары федерациясының Көмеклесиў дәстүрин қабыл етиўде ә6-июнь күни Ташкент қаласында «Журтымыз раўажланыўы жолында бирлесейик!» ураны астында тарийхый форум өткерилди. Бул форумға Қарақалпақстан Республикасының кәсиплик аўқамы бирлеспесинен ҳәм басланғыш аўқам шөлкемлеринен 31 адам қатнасып қайтқан болса, солардың бири сыпатында мениң де форумға қатнасыўым маған үлкен күш ғайрат бағышлады.

Форумда қатнасыўшылар бес жөнелис бойынша бес секцияға бөлинип жумыс алып барды. Бизлер Ҳәрекетлер стратегиясының 3-басқышы болған «Экономиканы еле де раўажландырыў ҳәм либералластырыў»ға бағдарланған жөнелиси бойынша нәтийжели жумыс алып бардық. Секция жумысы оғада қызықлы ҳәм тәсирли жағдайда өтип, қатнасыўшылар тәрепинен бир қатар усыныслар берилди.

Улыўма усы бес секцияның алып барған жумысларының нәтийжелеринен келип шыққан ҳалда Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыўға Көмеклесиў дәстүри қабыл етилди.

Жақында районлық мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайында форум жуўмақларына бағышланып әмелий семинар болып өтти.

Онда форум қатнасыўшысы сыпатында жыйналғанларға форумнан алған тәсирлерим ҳаққында айтып бердим.

Әлбетте, қабыл етилип атырған дәстүрлер елимиздиң раўажланыўы жолында хызмет етеди.

Әмелий семинар пикир алысыў ҳәм сораў-жуўаплар менен қызғын даўам етти.

 

Рысгүл МАМБЕТШАРИПОВА

Тутыныў товарларын ислеп шығарыў, саўда ҳәм хызмет көрсетиў хызметкерлери кәсиплик аўқамы районлық Кеңеси баслығы