Siyosat АДАМ САЎДАСЫ-ГЛОБАЛ МАШҚАЛА

АДАМ САЎДАСЫ-ГЛОБАЛ МАШҚАЛА

0
АДАМ САЎДАСЫ-ГЛОБАЛ МАШҚАЛА

Район прокуратурасы тәрепинен жыл басынан бүгинги күнге шекем район аймағында ҳуқықбузарлықтың алдын алыў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў, соның ишинде адам саўдасы менен байланыслы болмаған жынаятларды ҳәм жынаят қурбанына айланғанларды анықлаў мақсетинде район аймағында жайласқан ҳәр бир хожалықларда пуқаралардың паспорт режимине әмел етиўлери турақлы тексерилмекте.

Соның менен қатар район аймағындағы ҳуқық қорғаў органлары, район ҳәкимлиги, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйыны, кең жәмәәтшилик пенен биргеликте адамлардан пайдаланыў ҳәм оларды жаллаў менен байланыслы жынаятларға қарсы гүресиў, пуқараларымыздың жумыс ислеў ушын сырт мәмлекетлерге узақ мүддетке шығып кетиўиниң, шет еллерде жүрип, алданып, қуллыққа түсип қалыўы нәтийжесинде адам саўдасы қурбанларына айланып қалыў жағдайларының алдын алыў мақсетинде пуқаралар жыйынларында жасаўшы халық арасында, ислеўши хызметкерлер ҳәм оқыў орынларының оқытыўшы-оқыўшылары арасында семинар-ушырасыўлар өткерилип, үгит-нәсият жумыслары алып барылды.

Сондай-ақ, усындай семинар-ушырасыўлар даўамында пуқараларға шет еллерге шығыў тәртиплери, шет еллерге барып жумыс ислеўдиң нызамлы жоллары, мийнет миграциясы тәртиплери түсиндирилип, олардың ҳуқықый мәдениятын асырыў бойынша илажлар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, сырт еллерде жүрип пуқаралығын  тастыйықлаўшы ҳүжжетлерин жойтып алыў жағдайлары, яки олардың әмел етиў мүддетлериниң өтип кетиўи нәтийжесинде бундай пуқараларымыз өзлериниң ҳуқықларын қорғаў ушын сол мәмлекетлердеги елшихана ҳәм консулханаларға мүрәжат етиўди түсинип жетпестен, нызамсыз рәўиште айланба жоллар арқалы мәмлекетимиз аймағына өтип, жынаят ислеўге жол қоймақта.

2017-жылдың 6 айы даўамында 1056 пуқара өзлериниң жасаў орынларынан узақ мүддетке шығып кеткен ҳәм олардан усы жылдың июнь айында 93 пуқара қайтып келген болып, олар 70 ер адам, 23 ҳаял-қызлар болып табылады. 97 пуқара Қазақстан Республикасынан, 1 пуқара Россия Федерациясынан қайтып келген. Бул пуқараларды жумыс пенен тәмийинлеў мақсетинде районлық Бәнтликке көмеклесиў орайы менен биргеликте алып барылып атырған жумыслар нәтийжесинде жыл басынан бери жәми 460 пуқара жумыс пенен тәмийинленди.

 

Қәдирбай БЕКМУРАТОВ

Район прокуроры, әдиллик кеңесшиси