Siyosat БАЙРАМ БӘРШЕҢИЗГЕ ӘЎМЕТ АЛЫП КЕЛСИН!

БАЙРАМ БӘРШЕҢИЗГЕ ӘЎМЕТ АЛЫП КЕЛСИН!

0
БАЙРАМ БӘРШЕҢИЗГЕ  ӘЎМЕТ АЛЫП КЕЛСИН!

1-сентябрь-Fәрезсизлик күни. Елимиз ғәресизликке ерискен, дүнья картасында жаңа ғәрезсиз ҳәм суверенли мәмлекет Өзбекистан Республикасы пайда болған,  халқымыздың әсирлик арзыў-нийетлери әмелге асқан уллы тарийхый сәне болып, ел халқымыз тәрепинен ең уллы, ең әзийз байрам сыпатында турақлы түрде үлкен шадықурамлық пенен белгиленип келинбекте.

Fәрезсизлик себепли биз өзлигимизди аңлап жеттик, азат халық ғәрезсиз мәмлекет сыпатында Өзбекистанның қандай уллы дөретиўшилик ислерге уқыплы екенин пүткил дүньяға көрсете алдық. Елимиз өткен әсирлер ақырында кескин социаллық машқалалар ағымына түсип қалған еди. Бүгинги күнде санааты тез пәт пенен раўажланған, экономикасы қүдиретли ҳәм потенциалы күшли мәмлекетке айланыўында ғәрезсиз Өзбекистан мәмлекетиниң тийкарын салыўшы, уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер, халқымыздың ардақлы перзенти Ҳүрметли Биринши Президентимиз И.Каримовтың ақыллы сиясаты, мийнети, шыдамлылығы, кең пейиллиги ҳәм батырлығы деп билемиз. Fәрезсизлик берген үлкен имканиятларға бола ертеңги күнимизди, еркин ҳәм пәраўан келешегимизди өз қолымыз бенен қурмақтамыз.

Бүгин елимиздиң қай жерине бармаң ғәрезсизлик жылларында жақсы нийетлер менен тиккен нәллеримиз мийўе бере баслағанына кең көлемли реформалардың барысында экономикамыз турақлы раўажланып, елимизде избе-излик пенен әмелге асырылып атырған әҳмийетли социаллық бағдарламалар жақсы нәтийжелерин берип атырғанына гүўа боламыз. Кең көлемде алып барылып атырған қурылыс ислерине журтымыздың келбети түптен өзгерип, қала ҳәм аўылларымыз және де абаданласып гүлленип атырғанын көрип қуўанамыз. Ең әҳмийетлиси,  ғәрезсизлик арқалы қолға киргизилген бундай жетискенликлер ҳәм нәтийжелер ҳәр бир ўатанласымыздың қәлбине жетип бармақта, олардың руўхы ҳәм кейпияты көтерилмекте, жаңа-жаңа жоқары шеклерге қарай руўхландырмақта. Быйыл халқымыз ең уллы ең әзийз байрамын  «Пидайың болғаймыз сениң, Өзбекистан»! деген бас идеяны өзинде жәмлеген «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» мәмлекетлик бағдарламасының мазмун-мәнисинен келип шыға отырып, қолға киргизилген барлық табысларын мақтаныш ете отырып, жүдә үлкен таярлықлар менен күтип алмақта.

Fәрезсизлик байрамына бағышланып орынларда әдебий кешелер, ашық пикирлесиў ҳәм ағартыўшылық ушырасыўлары реже тийкарында мәдений илажлар өткерилип атыр.

Мине үлкемизде үлкен мийнет сынағы мәўсими,  дийханларымыздың маңлай териниң нәтийжелерин көретуғын алтын гүз жақынлап келмекте. Быйылғы жылы да аянбай мийнет етип атырған зәбердес дийханларымызға елимиздиң дәстурханының молшылығын тәмийинлеў жолында ислеп атырған жумысларында талмас күш-жигер тилеймен.

Ең уллы бийбаҳа жемисимиз-ғәрезсизлигимиздиң 26 жыллық байрамын айрықша салтанат пенен күтип алып атырған районымыздың гүллән халқын ең әзийз байрамы менен қутлықлайман.

Дәрьямызда нәўпир суўлар тасып, аспанымыз ашық, елимиз тыныш ҳәм абадан болыўын тилеймен. Уллы келешегимизди белгилеп берген ғәрезсизлигимиз мәңги болсын, ҳәр биримиз Ўатанымыздың пидайы инсанлары болып, Өзбекистанның гүллеп жаснап раўажланыўына үлес қосыў бахты ҳәммемизге несип етсин. Fәрезсизлигимиздиң жигирма алты жыллық байрамы бәршемизге әўмет алып келсин! Байрамлар жарасатуғын елимиз сәнине сән қосылып, көркейе берсин!

 

Досан СЕЙТНАЗАРОВ

Районлық Кеңестиң депутаты