Siyosat МАҚСЕТ - ЖЫНАЯТШЫЛЫҚТЫ БОЛДЫРМАЎ

МАҚСЕТ - ЖЫНАЯТШЫЛЫҚТЫ БОЛДЫРМАЎ

0
МАҚСЕТ - ЖЫНАЯТШЫЛЫҚТЫ БОЛДЫРМАЎ

Быйылғы жылдың «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери» жылы деп белгилениўи менен турмысымыздың барлық салаларында инсан мәплерин гөзлеўши реформалар әмелге асырылмақта. Әсиресе суд-ҳуқық системасына енгизилген өзгерислер буның дәлийли болмақта.

Жынаятшылықтың алдын алыў мақсетинде ҳәр пийшемби күни профилактика күни деп белгиленип, усы мүнәсибет пенен жақында «Дәўқара» аўыл пуқаралар жыйынында жынаят ислери бойынша районлық суды тәрепинен көшпели суд мәжилиси болып өтти.

Суд мәжилисинде Жынаят ислери  бойынша районлық суды баслығы Ж.Уразбаевтың басшылығында «Дәўқара» аўыл пуқаралар жыйыны турғыны  пуқара О.Қайповтың қарсысына Өзбекистан Республикасы Жынаят Кодексиниң  105-статьясына муўапық қозғатылған жынаят иси ҳәм пуқара  З. Жумабекованы Өзбекистан Республикасы Жынаят Кодексиниң 73-статьясына тийкарланып, мүддетинен алдын шәртли азат етиў мәселеси көрип шығылды. 

Суд мәжилисинде район прокуроры, әдиллик кеңесшиси Қ.Бекмуратов сөзге шығып, ҳәр қандай қылмыстың изсиз қалмайтуғынын, турмыстағы жүз берип атырған нызам бузыўшылық ҳәдийселерден ҳәр ким тийисли жуўмақ шығарып,  халықты бундай ҳәрекетлерден аўлақ болыўға шақырды.  

Сондай-ақ, аўыл ақсақаллары шығып сөйлеп, суд мәжилислериниң халықтың арасында өткерилиўи мақсетке муўапық екенлигин, бул арқалы оларды нызам бузыўшылықтан қорғаўға, ҳуқықый саўатлылығын асырыўға ерисетуғынлығын айтып өтти.

«Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы» күнине арналған жыйналыс райондағы аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжиниң  мәжилислер залында болып өтти.

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА

Сүўретте: Районлық аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжинде өткерилген жыйналыстан көринис