Siyosat ЖАСЛАР МЕНЕН УШЫРАСЫЎ

ЖАСЛАР МЕНЕН УШЫРАСЫЎ

0
ЖАСЛАР МЕНЕН УШЫРАСЫЎ

30-июнь күни өткерилген «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекетиниң IV қуралтайы ҳақыйқатында да жаслар Өмиринде ең умытылмас тарийхый ўақыялардың бири болды. Әсиресе қуралтайда қаралған ҳәр бир мәселе, ҳәр бир машқала Әйне жасларды толғандырып жүрген мәселелер болып, бул өз шешимин тапты.

Қуралтайда Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен усыныслар берилди ҳәм бул жаслар тәрепинен қоллап қуўатланды.

Қуралтайға делегат сыпатында қанша жас қатнасқан болса оннан тәсирленбей қайтпаған жастың өзи болмаса керек.

Қуралтайдағы  жаслар ушын  күтилмеген жаңалықлардың бири 30-июнь күни «Жаслар күни» деп белгилениўи, жас ул балалар ушын «Мард ўғлонлар» Мәмлекетлик сыйлық ҳәм белсенди жаслар ушын «Келажак бунёдкори» медалының шөлкемлестирилиўи болды.

Ҳәзирги ўақытта республикамыздың барлық орынларында Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң Қуралтайда жасаған баянатының мазмунын жасларға кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде ушырасыўлар өткерилмекте. Усындай ушырасыўлардың бири райондағы «Атарал» балалар дем алыў орайында шөлкемлестирилди.

Оған район ҳәкиминиң орынбасары О.Генжемуратов, Өзбекистан «Жаслар аўқамы» районлық Кеңеси баслығы Т.Нагимов, районлық Кеңеси бас қәнигеси С.Утениязов,  Қуралтайға қатнасқан районымыз делегаты Д.Қытайбековалар қатнасты. 

Делегат Д.Қытайбекова қуралтайдан алған тәсирлери ҳаққында ушырасыў қатнасыўшылары менен ортақласты.

 

Ҳүрлиман АСЕНОВА