Siyosat ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР УШЫН ОҚЫЎ СЕМИНАР

ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР УШЫН ОҚЫЎ СЕМИНАР

0
ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР УШЫН  ОҚЫЎ СЕМИНАР

«Ҳаял-қызлардың экономикалық имканиятларын кеңейттириў ҳәм турақлы табыс  тийкарларын жаратыў арқалы шаңарақ институтын беккемлеў». Райондағы қурылыс ҳәм транспорт кәсип-өнер колледжинде болып өткен семинар оқыўдың атамасы усылай аталды.

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети, №арақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси менен қатар министрликлер ҳәм агентликлер (Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң раўажландырыў бағдарламасы, усы Шөлкемниң мәденият ҳәм илим ЮНЕСКО қоры, Шөлкемниң халықтаныў бойынша қоры менен кеўиллилер Бағдарламасының «Арал бойы регионы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көпшериклик фондын дүзиў арқалы Арал апатшылығынан зыян көрген халықтың турмыс шәраяты потенциалын беккемлеў» қоспа дәстүри тийкарында алып барылып атырған бул семинарлар тийкарында ҳаял-қызларымыздың белсендилигин асырыўда, оларды исбилерменликке, пайда көзин табыў арқалы шаңарақ дәраматын асырыўда, турмыс дәрежесиниң жақсыланыўына жол ашыўда-бирден-бир имканият болмақта.

Семинар жумысы барысында тыңлаўшылар: ҳаял-қызлардың ҳуқықларын тәмийинлеўши миллий ҳәм халық аралық нормалар, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик-шаңарақ турақлылығын тәмийинлеўши стратегиялардың бири сыпатында, «Бизнес реже» ҳәм оның нәтийжеси, шаңарақ ҳәм бизнес, бизнести раўажландырыў,бизнес режениң қаржылық бөлими, ҳаяллар исбилерменлигин раўажландырыў перспективалары ҳаққында түсиниклер алды.

Исбилерменликти баслап атырған ҳаял-қызлар ушын ислеп шығарыў қураллары, технологиялары үлкен әҳмийетке ийе. Мәселен, «Атакөл» аўыл пуқаралар жыйынынан қатнасқан А.С. ший тоқыў менен шуғылланады. Әлбетте, қол өнери, тоқыў-булар ўақыт талап етеди.  Ал, заманагөй тоқыў әсбаплары болса, бул жүдә жақсы. Семинар барысында усындай мүтәж әсбаплар кереклиги есапқа алынатуғыны, табыў  жоллары қаралатуғыны айтылды. Семинар қатнасыўшылары ший тоқыў орнына барып, жумыс алып барыў процесси менен танысты ҳәм заманагөй тоқыў әсбапы кереклигине көз жеткерди.

Төрт күн даўам еткен семинардан өзлерине белгили дәрежеде түсиниклер  ҳәм өзлерин қызықтырып жүрген сораўларға жуўап алған исбилерменликти баслап атырған ҳаял-қызлар менен кәсип-өнер колледжлери питкериўши қызлары семинарды шөлкемлестириўшилерге миннетдар екенин билдирди.

 

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА