Fan va ta'lim ЖӘНЕ ТАШКЕНТКЕ ЖОЛЛАМА

ЖӘНЕ ТАШКЕНТКЕ ЖОЛЛАМА

0
ЖӘНЕ ТАШКЕНТКЕ ЖОЛЛАМА

Ҳәр бир кәсип ийеси өз маманлығына пидайы болып, оны жетик меңгере алса ғана тараўларда жетискенликлер, мәмлекетимизде раўажланыўлар болады.Тараў хызметкерлери арасындағы таңлаўлар-олардың кәсибине болған қызығыўшылығын, билим дәрежесин белгилеп береди. Жақында «Ҳәмшийра-2017» таңлаўында райондағы медицина бирлеспеси, қыстаўлы тез жәрдем көрсетиў бөлиминиң ҳәмшийрасы Қуралай Талқанбаева ең соңғы басқышқа жоллама алып, Қарақалпақстан Республикасы бойынша жеңимпаз атанып, Ташкенттен сыйлы орынды ийелеп қайтса, билимлендириў тараўының және бир пидайысы «Жылдың ең жақсы тәрбияшысы» таңлаўының екинши басқышында биринши орынды қолға киргизди.

Генжегүл Төремуратова районлық халық билимлендириў мекемелери хызметин методикалық тәмийинлеў ҳәм шөлкемлестириў бөлимине қараслы 3-санлы мектепке шекемги билимлендириў мекемесинде жети жылдан бери тәрбияшы болып жумыс атқарады. Орта мағлыўматлы болса да, өз кәсибине деген сүйиспеншилиги, тынбай излениўи себепли республикамыздың барлық районлары менен пайтахттан қатнасқан әң тәрбияшы қызларды артта қалдырып, сыйлы биринши орынды жеңип алды.

-Бул таңлаў жүдә әдил өтиўи менен қунлы болды,-дейди билимлендириў бөлиминиң методисти У.Садықова. Себеби, онлайн арқалы тест сораўларының нәтийжеси тәрбияшылардың билимин баҳалап бергеннен кейин ҳеш кимде наразылық болмады. Елликқалалы тәрбияшы да Генжегүл менен тең баҳаланып, бизиң қызымыздан бир баллға қалып қойды. Егер Генжегүлге Ташкенттеги соңғы басқышта әўмет күлип бағып, жақсы нәтийже көрсете алса, жоқары оқыў орнының студенти болыў мүмкиншилигин қолға киритеди. Балаларға барлық ўақытта ғамхорлық көрсетип, жаңа педагогикалық технологиялар тийкарында сабақ өтиўи, балалар тәрбиясында ойын технологиясы, тәжирийбе-сынаў жумысларын көбирек қолланыўы менен кәсиплеслеринен ажыралып туратуғын Генжегүлден үмитимиз үлкен.

Әлбетте, районымызда ҳәр бир жерлесимиздиң табысларын халқымызға кең түрде жарытып жеткериўге асығатуғын, жаңалыққа жаны қумар-биз редакция жәмәәти де тәрбияшы қыз Генжегүлдиң келеси сынағына әўметлер тилеймиз!

Гүлнара БЕГДУЛЛАЕВА

СҮЎРЕТТЕ:  Генжегүл Төремуратова