Siyosat ХАЛЫҚ МҮРӘЖАТЫ ҚАДАҒАЛАЎСЫЗ ҚАЛМАЙДЫ

ХАЛЫҚ МҮРӘЖАТЫ ҚАДАҒАЛАЎСЫЗ ҚАЛМАЙДЫ

0
ХАЛЫҚ МҮРӘЖАТЫ ҚАДАҒАЛАЎСЫЗ ҚАЛМАЙДЫ

Бизиң тийкарғы мақсетимиз-«Халық қабыллаўханалары»на етилген ҳеш бир мүрәжат итибарсыз қалмайтуғын  система жаратыўдан ибарат.

Улыўма айтқанда, адамлардың дәртин тыңлаў, олар менен ашық-айдын пикирлесиў, аўырын жеңил етиў-халықтың мәмлекетке ҳәм жәмийетке исенимин беккемлеўге хызмет етеди.

 

Ш.М.МИРЗИЁЕВ

Елимизде инсан мәпи жоқары дәрежеге қойылған болып, ҳеш бир пуқараның арызы қадағалаўсыз қалмайды. Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басламасы менен алып барылып атырған мәмлекетлик уйымлардың пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў мәселеси бүгинги  күнниң тийкарғы ўазыйпасына айналды. Районлық тоғай хожалығы бөлими имараты алдында Тахтакөпир, Караөзек, Шымбай ҳәм Кегейли  районларындағы Халық қабыллаўханаларының мүрәжатлар менен ислесиўин үйрениўге бағышланған мәжилиси болып, онда министрликлер, шөлкемлердиң басшылары, район ҳәкимлери, усы районлардағы Халық қабыллаўханаларының баслықлары, мүрәжат ийелери  менен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң БаслығыМ.Ерниязов  кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

Халық қабыллаўханалары ашылыўы-мәмлекетимизде халықтың тиккелей дәртин тыңлаў, турмыслық машқалаларын шешиў, олар менен ушырасып, жасаў жағдайлары менен жақыннан таныс болыў, пикирлесиў мүмкиншиликлерин алып берип атыр. Халық пенен тиккелей пикирлесиў ушын туўрыдан-туўры шаңарақларда болып, олардың турмыслық дәрежесиниң жақсыланыўына, пуқаралардың ҳуқықларының қорғалыўына, машқалаларының шешилиўинде әмелий жәрдем бериўши орынлар ҳаққында жол жобалар да берип, мүрәжатлары қадағаланып барылады. Бир сөз бенен айтқанда, системалы жумыслар әмелге асырылып атыр.

Буның айқын мысалларын усы мәжилис қатнасыўшылары тиккелей тыңлаў мүмкиншилигине ийе болды.

Мәжилис өткерилген күнге шекемги аралықта Тахтакөпир районында 28 пуқара, Қараөзек районында 20 пуқара, Кегейли районында 23 пуқара, Шымбай районында 30 пуқара Халық қабыллаўханасына мүрәжат  еткен.

Тахтакөпир районлық Халық қабыллаўханасына келип түскен арзалар үйренип шығылғанда, пуқаралардың ҳуқық қорғаў уйымларынан наразылықлары, ден-саўлықты сақлаў тараўынан, жумыс орнын сораў, материаллық жәрдем менен тәмийинлеў, жас шаңарақты турақ жай менен тәмийинлеў, коммуналлық хызметлердиң сапасын арттырыў, изей суўдың көтерилиўи себепли коллектор қазып бериў машқалалары  бар екени анықланды. Әлбетте, мүрәжатлардың орынланыўы-оның мазмунына қарап, мәселен жумыс орнын сораў, яки напақа пулларын өз ўақтында төлеў машқаласы ўақыт күттирмей шешилиўи мүмкин-дә, ал коммуналлық хызметлер; соның ишинде автомобиль жоллары қурылысы, ескирген газ қубырларын қайта тартыў ҳәм коллектор қазыў жумыслары ўақытты талап етеди.  Илаж даўамында ҳәр бир мүрәжат ийесиниң наразылықлары қайта тыңланып, еле шешилмеген мүрәжатлар тийисли министрликлер менен ведомостволарға, шөлкемлерге қатаң тапсырылды. Мысалы Халық қабыллаўханасына қайтыс болған анасының орнына 6-санлы мектепте сипсекеш болып ислеў ушын жумыс орнын сорап мүрәжат еткен Гүлзар  Арзымованың мүрәжаты қанаатландырылып, ҳәзир ол жумыс ислеп атырған болса, Шынар Жийемуратованың улы усы жылдың 16-апрель күни  автоаварияға ушыраўы себепли аўыр тән жарақатын алғаны ҳәм жәбирлеўши елеге шекем өз жазасын алмағанына наразылық билдириўши мүрәжаты көрип шығылатуғын болды.

Өткерилген илажда ҳәр бир райондағы Халық қабыллаўханаларына келип түсип атырған мүрәжатлар өз ўақтында шешилиўи, алдағы ўақытлары бундай кемшиликлер қайталанбаўы ушын кемшиликлерди өз ўақтында сапластырып барыў ўазыйпалары қойылды.

Мәжилисте үй шараятында жумыс ислеў мүмкиншиликлерине ийе майып қызларға тигиў машиналары тапсырылды. Район турғыны, 1-топар майыбы Майра Бердекееваның тигиншилик өнери бар. Майра да жаңа тигиў машинасына ийе болғандағы қуўанышын жасыра алмады:

-Мен енди жумыссызлар қатарында емеспен,-дейди Майра. «Халқабад мамығы» акционерлик жәмийетиниң буйыртпасы менен 5 мың фартук тигиў мүмкиншилигине ийе болдым.

Майраның банктеги есап бетине фартук тигиўдеги мийнетлери ушын 10 млн сум пул өткериледи.Бул мүмкиншилик қыздың келешекте жумысын даўам еттириўине, арзанлатылған турақ жай алыўына  жол ашады.  

Мәжилисте Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Турсынхан Худайбергенов кең түрде шығып сөйледи.

Мәжилистен соң қатнасыўшылар Тахтакөпир аўыл пуқаралар жыйыны аймағында ашылған тигиў цехының жумысларын көзден өткерди. «Кемал Тахта» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен Миллий банктен 100 миллион сум муғдарында кредит алып, соның 78 миллионын 30 дана жаңа тигиў машиналарына жумсаған. Жәмийет бүгинги күнде отыздан аслам қыз-келиншеклерди жумыс пенен тәмийинлеў мүмкиншилигине ийе. Бул жерде тигиў цехынан басқа ерлер шаштәрезханасы ҳәм ҳаял-қызлар салоны да жумыс ислеп тур.

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: Өткерилген илажлардан ҳәм тигиў цехынан көринислер