Sport ТАЛАНТЫҢА КӨЗ ТИЙМЕСИН

ТАЛАНТЫҢА КӨЗ ТИЙМЕСИН

0
ТАЛАНТЫҢА КӨЗ ТИЙМЕСИН

Ана перзентке қарнында жатырған ўақыттан баслап-ақ меҳир берип, оның келешеги ушын, жақсы нәрселерди ойлап жасаўы керек дейди.  Ол дүньяға келгеннен соң да болашағына итибар менен қараў лазым. Егер оннан қандай да бир үмиттиң ушқынын сезсең дәрриў оны жалынға айландырыўға бел байласаң-жеңис сеники. Ондағы талант ҳәмийше алға қарай талпыныс пенен жасаса, қоллаў көрсетип, қәбилетин күннен-күнге арттырып барсақ еле кишкенелегине қарамастан талант топ жарып шығары сөзсиз.

Бәлким Жансулыў дүньяға келгенде анасы оның жаслайынан гимнастикада көзге түсип, пүткил елди таң қалдыратуғыны қыялына келмеген де шығар. Бүгин Жансулыўды кишкенелерге шекем жақсы таныйды.  Жансулыўдағы қәбилет оның үлкен-үлкен сахналарға шығып, өнер көрсетиўине себеп болды. Ол ҳәр бир шығыўында жаңаша ойын көрсетип, бири-бирин тәкирарламастан жаңалық жаратып келеди.

Жансулыўдың өнерине көпшиликтиң таң қалғаны соншелли, өткен жылы  районымызда болып өткен «Биз уллы журт перзентлеримиз» жаслар фестивалына қатнасып, оның ойынларын тамаша еткен  Өзбекистан халық артисти Сайёра Юнусова: «Жансулыў қызымызды Америкаға алып барып ой-  натқанда да оның талантына қайыл қалмайтуғын адам болмаса керек» деп сүйсинип айтқан сөзлери есиме түсти.

Жансулыўдың өзиндеги исеним, ҳәрекетшеңлик оның бир қатар таңлаўлардың жеңимпазы болыўына себеп болды.

Жансулыў Татлымуратова ҳәр жылы «Спорт» телеканалы тәрепинен шөлкемлестирилген «REKORD.UZ» жарысына қатнасып, сыйлы 1-орынды ийелеп келмекте. Буннан басқа да республика көлеминде өткерилип атырған жарысларға қатнасып, көпшиликтиң мақтаўына сазаўар болмақта.

Талантыңа көз тиймесин! Сениң гимнастика әлеминдеги сыйқырға толы ҳәрекетлериң, епшиллигиң ҳеш қашан жоғалмасын!  Биз алдағы ўақытта да сеннен тек ғана бириншиликти күтип қаламыз.

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА