Sport ГИМНАСТИКАШЫ ҚЫЗЛАРДЫҢ ТАБЫСЫ

ГИМНАСТИКАШЫ ҚЫЗЛАРДЫҢ ТАБЫСЫ

0
ГИМНАСТИКАШЫ ҚЫЗЛАРДЫҢ ТАБЫСЫ

Соңғы ўақытлары спорттың көркем гимнастика түрине қызларымыздың қызығыўшылығы барған сайын артып бармақта. Соның менен бирге олардың бул тараўда ерисип атырған жетискенликлери де мақтаўға ылайық.

Усы жылы 22-март күни Нөкис қаласында улыўма билим бериўши мектеп оқыўшылары арасында көркем гимнастика бойынша өткерилген Қарақалпақстан Республикалық финал басқышында бизиң балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң көркем-гимнастика дөгереги оқыўшылары Улбосын Атамуратова ҳәм Зульфия Сейтбековалар       2-орынды ийелеп, улыўма командалық есапта да 2-орынды ийеледи.

Сондай-ақ, усы жылы 27-март күни Нөкис қаласында Наўрыз байрамы мүнәсибети ҳәм келеси «Бәркамал әўлад-2017»  спорт ойынлары жарысына   таярлық басқышында 2004-2006-жыллары туўылған қызлар арасында көркем гимнастика бойынша қәнигелестирилген көп тармақлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби ашық бириншилигинде Зульфия Сейтбекова 2-орынды ийелеп, диплом менен сыйлықланған болса, Нурила Абдиўалиева ең жақсы қатнасыўшы номинациясы менен сыйлықланды.

Келешекте үмит күттиретуғын шәкиртлеримнен Айнура Омарова, Жулдыз Матекеева, Жансулыў Татлымуратова, Айсулыў Абдиўалиева, Шахноза Оспанова, Дильфуза Омарова,  Дильфуза Жеңисбаева ҳәм Ҳүрзия Досжановалар алдағы өткерилетуғын жарысларда жақсы нәтийжелерди көрсетип, Қарақалпақстан ҳәм Өзбекистан Республикасы чемпионатларында өз қәбилетлерин көрсетеди деп исенемен.

Гүлсара ОҢДАСЫНОВА

Тренер-оқытыўшы