Fan va ta'lim ПЕРЗЕНТЛЕРИМИЗДИ ТУЎРЫ ЖОЛҒА БАСЛАЙЫҚ

ПЕРЗЕНТЛЕРИМИЗДИ ТУЎРЫ ЖОЛҒА БАСЛАЙЫҚ

0
ПЕРЗЕНТЛЕРИМИЗДИ ТУЎРЫ ЖОЛҒА БАСЛАЙЫҚ

 

Санаўлы күнлерден соң билимлендириў мектеплериниң 9-класс оқыўшылары ана мектеби менен хошласып, билимлендириўдиң кейинги басқышына тартылады.

Усы өткен тоғыз жыл ишинде олар қандай билимге ийе болды, келешекте қандай кәсип ийеси болатуғынын таңладыма?

Мағлыўматларға қарағанда перзент тәрбияның 70 процентин аналарынан алады екен. Шынында да көпшилик жағдайларда перзент айтажақ пикирин, ишки туйғыларын анасы менен бөлиседи. Себеби әкениң айбаты, перзенттиң шаңарақтағы тәртип-қағыйдаларға қатаң бойсыныўын талап етиўи олардың әкеге қарап өзиниң кеўлиндеги гәпин емин-еркин айта алыўға мүмкиншилик бермейди. Солай екен, перзент пенен әке ортасындағы мүнәсибетлерди жанландырып, әкениң де жуўапкершилигин арттырыўымыз талап етиледи.

«Әкеге қарап ул өсер, анаға қарап қыз өсер»  дегендей, шаңарақ басшысы өрнек болатуғындай пазыйлетлери, ис-ҳәрекетлери  менен перзент тәрбиясына қатнас жасап, қадағалап барса мақсетке муўапық болады.

Мектебимизде 9-класс питкериўшилери арасында кәсип таңлаў бойынша сораўнамалар өткерген ўақтымызда мынадай жуўмаққа ийе болдық. Келешекте қандай кәсип ийеси болатуғынын көпшилик еле шешпеген сыяқлы. Олардың көпшилиги өз қәлеўлери менен емес, бәлки ата-аналарының таңлаған кәсиплери бойынша оқыйтуғынлығын айтты. Бул жерде ата-ананы да айыплап болмайды. Себеби ата-ана перзентин бес саўсақтай жақсы биледи. Мүмкин перзенттиң бо-йында бар қәсийетке, интаға қарап туўры жол көрсетпекши болған шығар, яки оның кериси болыўы да мүмкин. Усының себебинен перзенттиң қызығыўшылығы менен санаспастан өзи қәлемеген ҳалда басқа қәнигеликлерге оқыўына мәжбүрлеўи нәтийжесинде перзентте турмыс сынақларында бослық пайда болыўы мүмкин.

Сонлықтан да ҳәр бир перзенттиң келешек турмысында өз орнын табыўына, белгили бир кәсип ийелеўине ҳәр бир ата-ана туўры жол-жоба көрсетсек, биз ойлағаннан да жақсырақ нәтийжеге ерисиўимиз мүмкин.

 

Г.ТУРДЫБАЕВА

1-санлы улыўма билим бериў мектеби директорының руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша  орынбасары