Fan va ta'lim ЖАСЛАР ҚӘЛБИНДЕ ЖАҢА ИДЕЯЛАР ҚӘЛИПЛЕСТИРИЎ- РАЎАЖЛАНЫЎЫМЫЗ ТИЙКАРЫ

ЖАСЛАР ҚӘЛБИНДЕ ЖАҢА ИДЕЯЛАР ҚӘЛИПЛЕСТИРИЎ- РАЎАЖЛАНЫЎЫМЫЗ ТИЙКАРЫ

0
ЖАСЛАР ҚӘЛБИНДЕ ЖАҢА  ИДЕЯЛАР ҚӘЛИПЛЕСТИРИЎ- РАЎАЖЛАНЫЎЫМЫЗ ТИЙКАРЫ

Өзбекистан-келешеги уллы, имканият, мүмкиншиликлери кеңнен жаратылған мәмлекет. Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти И.Каримовтың «Жаслар-бизиң келешегимиз.Биз жасларға сондай имканиятлар жаратыўымыз керек,ертеңги күни келешегимиз раўажланыўының тийкары болсын» деп исеним менен айтып кеткениндей, жасларды мийнетке үйретиў, оларды бәнтлик пенен тәмийинлеў-бүгинги күнниң баслы темасына айналған. «Камолот« жаслар жәмийетлик ҳәрекети Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, коммерциялық банклер, бир қанша шөлкемлер менен биргеликте ҳәр жылы өткерилип атырған «Мениң бизнес режем» атлы таңлаўы жаслардың интасын, қызығыўшылығын айырып береди.

Кәсип-өнер колледжин питкериўшилерин иске жайластырыў-экономикалық раўажланыўымыздың ең әҳмийетли реформасы  болып табылады. Буның ушын жасларымыздан экономикалық билим талап етиледи. Алдыңғы жыллары кәсип-өнер колледжлеринде «бизнес», «исбилерменлик» сөзлериниң мәниси, бизнес реже ҳәм оны дүзиўди үйретиў мақсетинде «Исбилерменлик ҳәм бизнес тийкарлары» пәни өтилетуғын еди.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы кәсип-өнер тәлими жөнелислери бойынша оқыў-методикалық бирлеспелер хызметин муўапықластырыўшы Кеңесиниң өткен жылғы баянламасына муўапық бул пән «Исбилерменлик ҳәм оны иске жайластырыў технологиясы» пәни болып қайта тастыйықланды ҳәм оқыў процессине қабыл етилди.Бул пәнниң әҳмийети ҳәм мақсети: жасларымызға исбилерменлик пенен шуғылланыўда әҳмийетли идеялардың кереклиги, мәмлекетимиздеги жасларымызға жаратылған имканиятлар, оларды қоллап-қуўатлаў, исбилерменлердиң ҳуқықлары, исбилерменликти баслаўдағы тәўекелшиликти жолдас етип жетискенликке ерисиў сырлары, пайдалы тәреплерин түсиндириў арқалы жасларда исеним пайда етиў.Буннан да басқа жеңиллетилген кредитлер тийкарында жеке бизнеслерин баслаў ушын жаратылған имканиятлы салық, хожалық есабын жүргизиў ҳәм есабат формаларын терең үйренеди.Ең тийкарғысы, исбилерменлик-елимиздиң экономикасының раўажланыўына, халыққа сапалы хызмет көрсетиўде әҳмийетли екенин түсинеди.

Бизиң тәлим алып атырған жасларымыз өзлериниң алған теориялық билимлерин әмелий жақтан бирлестирип, Ўатанымыздың мақтанышы ҳәм келешеги бола алады деп исенемиз.

 

Гүлбәҳәр Қайпенова

Аўыл-хожалығы кәсип-өнер колледжи муғаллими