Siyosat Биринши санлы секторда

Биринши санлы секторда

0
Биринши санлы секторда

1-сектор баслығы Жамбул Адиловтың басшылығында «Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақлардың жасаў шәраятларын жақсылаў, өзин-өзи жумыс пенен бәнт етиў мақсетинде «Атакөл» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы усындай,  биринши нәўбетте социаллық жәрдемге мүтәж болған 9 шаңарақтан хабар алынып, машқалалары үйренилди және «Сақаўат ҳәм көмек» фонды есабынан шаңарақлардың ҳәр бирине бир бастан 9 бас қара маллар бийпул жәрдем есабынан тапсырылды.

Аймақта жайласқан 5-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде  болып, олардың гүзги-қысқы таярлық жумыслары үйренип шығылды ҳәм анықланған кемшиликлер бойынша тийисли тараўларға тапсырмалар берилди. Сондай-ақ сектор басшысы "Мақпалкөл" альтернатив машина трактор паркиндеги аўыл хожалығы техникаларының келеси жылғы егиске таярлық жумысларын көзден өткерди. Парк басшыларына арнаўлы тапсырмалар берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети