Siyosat Депутатлар халық арасында

Депутатлар халық арасында

0
Депутатлар халық арасында

"Жаңадәрья» сайлаў округинен районлық Кеңестиң депутаты Қ.Елмуратов, Өзбекстан ХДП Тахтакөпир районлық Кеңеси баслығы Қ.Жалиевлар "Жаңадәрья" аўылында болып, аймақтағы социаллық объектлер, халыққа хызмет көрсетиӯдиң барысын  үйренди. Газ баллон тарқатыў шақапшасы арқалы оның шаңарақларға ўақтында жеткерилип берилиўин қадағалады. Мектеп басшылары ҳәм педагог хызметкерлер менен өткерген ушырасыўда мектепте спорт залдың жоқлығы, пән кабинетлери жетиспеўшилиги бойынша, мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде мебель-инвентарьлар, аўқатланыӯ ушын асхана қураллары, музыкалық әсбаплар, спорт инвентарларының жетиспеўшилиги, мәкеме имаратына оңлаў жумыслары талап дәрежесине жеткени  бойынша мүрәжат етти. Аймақтағы майыплығы бар пуқаралардың шаңарағында болып, машқалалары тыңланды, оларды тийисли орынлар арқалы шешиў ушын жазып алынды. Мәўсимлик жумыс пенен бәнт етилген пуқаралар менен сәўбетлесиў өткерди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети