Siyosat КИНОЛОГИЯДА ПУЛЛЫ ХЫЗМЕТ КӨРСЕТИЎ ЖОЛҒА ҚОЙЫЛДЫ

КИНОЛОГИЯДА ПУЛЛЫ ХЫЗМЕТ КӨРСЕТИЎ ЖОЛҒА ҚОЙЫЛДЫ

0
КИНОЛОГИЯДА ПУЛЛЫ ХЫЗМЕТ КӨРСЕТИЎ ЖОЛҒА ҚОЙЫЛДЫ

Кинология - бул ийтлерди үйрениў, үйретиў ҳәм адамзат искерлигинде нәтийжели пайдаланыў менен шуғылланыўшы пән.

Кинология - бул тек ийтлерди үйретиў емес, ал олардың инсан өмириндеги орнын дурыс бағдарлаў өнери. Хызмет ийтлери тек ғана қәўипсизлик емес, ал адамзатқа садықлық, мәртлик ҳәм пидайылық тымсалы болып есапланады.

Кейинги жыллары ишки ислер уйымлары кинология бөлимлериниң жумысын жетилистириў, тараўда хызмет ийтлериниң нәсилшилик жумысларының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм хызмет ийтлерин таярлаў, усы бағдарда кадрлар имканиятын арттырыў бойынша бир катар жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге ишки ислер уйымлары тәрепинен халыққа кинология тараўында төлемли хызметлер көрсетиў системасын жолға қойыў арқалы кинология бөлимлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, сондай-ақ, усы тараўдағы нызамшылық ҳүжжетлерин өз-ара муўапықластырыў зәрүрлиги жүзеге келмекте.

Соған тийкарланып, Министрлер Кабинетиниң "Ишки ислер уйымларының кинология хызметлериниң жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 9-сентябрьдеги 750-санлы қарарына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилип, 2023-жыл 31-августтағы 432-санлы Қарарына тийкарланып төмендегилерди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. Ишки ислер уйымларының кинология бөлимлеринде физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге тийисли ийтлерди улыўма бойсыныўшылық ҳәм қорғаў қараўыл көнликпелерине таярлаў бойынша төлемли хызметлер көрсетиў.

Ишки ислер уйымлары нәсилшилик питомнигинде жетистирилген ҳәм ишки ислер уйымларының мүтәжлигинен артық болған және хызметке жарамсыз деп табылған ийтлерди сатыў ҳуқықын бериў бойынша қарарға өзгерислер киргизилип, Ишки ислер министриниң 2023-жыл 2-ноябрь күнги 602-санлы буйрығы шықты. Усы мүнәсибет пенен ҳәзирги ўақытта Қаракалпакстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ЖҚХ ЖТСБ кинология болимшеси хызмет ийтлери  питомнигинде физикалық ҳәм юридикалық шахсларды қабыллаў ханасы ҳәм олар алып келген ийтлер ушын волерлер менен керекли ветеринария дәри-дәрмақлары ҳәм азықландырыў ушын азық-аўқат ѳнимлери ажыратылған.

Усы қарар ҳәм буйрық талапларына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги үшинши зоналлық аймақ, зоналлық муўапыкластырыў орайы Кинология топары хызметкерлери кинология бөлимшеси тәрепинен көрсетилетуғын пуллы хызметлер, кинология бөлимшесинде жетистирилген ҳәм пайдаланыўдан тысқары болған және хызметке жарамсыз деп табылған хызмет ийтлерин сатыў бойынша жәмийетлик орынларда пуқараларға түсиник жумыслары алып барылмақта. Усындай жумыслардың бири ретинде Тахтакѳпир районында алып барылған үгит-нәсият илажын айтыўымыз мүмкин.

 

А.Алиев

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги

Үшинши зоналлық аймақ зоналлық муўапықластырыў орайы Кинология топарының қатардағы киши инспектор кинологи