Мәҳәллениң пәраўанлығы ушын
Мәҳәлле абат-ел абат
Бәршеңизге белгили, соңғы жыллары Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен мәмлекетимиздиң тийкарғы өзеги болған мәҳәллелерди ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм усы арқалы халықтың абадан турмыс-та жасаўын тәмийинлеў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
«Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында ҳәр бир мәҳәлледеги социаллық жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген ҳәм жалғыз баслы кекселерге белгиленген жәрдемлер көрсетилип атыр. Бунда тийкарғы мақсет-мәҳәлледеги ҳәр бир пуқара ҳәм шаңарақтың өз турмысынан разы болып жасаўын тәмийинлеў болып табылады.
Әлбетте, бунда Журтбасшымыздың орынларда мәҳәлле инсти-тутының жәмийеттеги ролин түп-тийкарынан арттырыў ҳәм ондағы халықтың машқалаларын шешиўде биринши буўын сыпатында ислеўин тәмийинлеўге қаратылған арнаўлы Пәрманы менен Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы жумысын жолға қойыў ҳәм мәҳәллелерде басқарыў системасын жетилистириўге қаратылған қарары үлкен әҳмийетке ийе.
Усы ҳүжжетлер тийкарында қәлиплескен “мәҳәлле жетилиги” сис-темасы бүгинги күнде халықтың дәрт ҳәм тәшўишлеринен турақлы хабардар болып баратуғын және оларға мәҳәлле кесиминде ислесиў арқалы шешим таба алатуғын институтқа айланды, десек асыра айтқан болмаймыз.
Атап айтқанда, бизиң «Тахтакөпир» посёлкалық пуқаралар жыйынында маҳәллени жумыссызлық, жынаятшылық, ажырасыў, кәмбағаллық ҳәм миграциядан аўлақ аймаққа айландырыў бағдарында өткен қысқа ўақыт ишинде бир қанша жумыслардың алып барылғанын көриўимизге болады.
Аймақта халық саны 5014 болып, соннан хожалық саны 1009, шаңарақлар саны 1033 ди қурайды.
Жыйында улыўма жумыссызлар 176 болып, 2024-жылдың екинши шерегинде мәўсимли жумысқа тартылған жәми 12 адам жәмәәтлик жумыс пенен бәнтленди.
Аймағымызда 2 улыўма билим бериў мектеби, 1 кәсип-өнер мектеби, 2 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми балаларымызға тәлим-тәрбия берип келмекте.
Аймақта 38 көше болып, онда 31 бий, көше басы ҳаяллар, 10 белсенди жаслар комиссия, исши топар ҳәм жасы үлкенлер мектеплери ағзалары менен биргеликте жумыс алып бармақта.
Аймақта экологиялық мәдениятты үгит-нәсиятлаў, ҳәр бир пуқарада қоршаған орталығымыздың тазалығына жуўапкершилик сезимлерин пайда етиў, шаңарақ, көше ҳәм пүткил мәҳәлле аймағында турақлы түрде абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын алып барыў, усы арқалы мәҳәллелерди жасыл аймақларға айландырыўды бүгинги турмыстың өзи талап етеди.
Аймағымызды жасыл мәканға айландырыў бойынша 3400 дана декоратив ҳәм мийўели дарақлар егилди. Үй алды қыйтақ жерлеринде азықлық егинлерди жетилистириў бойынша жумыслар алып барылмақта.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февраль күнги 52-санлы қарарына тийкарланып, шәраяты аўыр, авариялық жағдайға түсип қалған 6 шаңарақ үйлери қайта бузып салыўға, жайының төбеси шиферланбаған жәми 186 хожалықтың дизими республикалық комиссияға усыныс етилди. Усы күнге шекем 37 хожалықтың жайлары шиферланып берилди.
Мәҳәллемиздеги 38 көшедеги хожалықлардың қыйтақ жерлерине турақлы суў дерегиниң келиўи аймақта Сайхунабад тәжирийбесин кең ен жайдырыўға, бағшылық, мийўе ҳәм палыз егинлерин жетистириўге имканият жаратады. Әлбетте, мәҳәллемиз өз атына сәйкес түрде жер менен тиллескен дийқанлары менен де мақтана алады.
Аймағымызда жайласқан районлық спорт мектеби имаратына ҳәзирги күнде қайта оңлаў жумыслары алып барылып атыр.
Улыўма алғанда, биз аўызбиршиликли мәҳәллелеслеримиз бенен биргеликте аймақтағы барлық көшелерди буннан былай да абаданластырыў, аймақта халқымыз ҳәм келешек әўладлар ушын қосымша социаллық объектлерин қурыў бағдарындағы ийгиликли жумысларды даўам еттириўди мақсет еткенбиз.
Сондай-ақ, «Мәҳәлле жетилиги», көше бийлери ҳәм белсендилер менен биргеликте мәҳәлледе жасаўшы ҳәр бир пуқараның ақылый ҳәм физикалық имканиятларынан келип шыққан ҳалда оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша арнаўлы бағдарлама ислеп шығыў илажлары да көриледи.
Мәҳәлледеги исбилерменлер, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик мекемелердиң жумыс бериўшилери және көпти көрген нураныйлар менен кекселер «Кәмбағаллықтан абадан турмысқа қарай» яки «Мениң мәҳәллемде бирде-бир жумыссыз пуқара қалмайды» сыяқлы анық мақсетлерге бағдарланған сүренлер астында бирлесиўимиз, усы ийгиликли нийетлерди әмелий ҳәрекетке айландырыўымыз керек!
Қәдирли мәҳәллелеслер!
«Анаң-мәҳәлле, атаң-мәҳәлле» дегениндей, мәҳәллемиздиң тынышлығы менен татыўлығы, буннан былай да раўажланыўы, пуқараларымыздың абаданлығы менен перзентлеримиздиң айдын келешеги тек ғана өзимиздиң қолымызда.
Бул ушын мәҳәллемиздиң абаданлығына бийпарық болмаған ҳалда бир мақсет жолында бирлесип, «Мениң мәҳәллем, мәҳәллемниң, онда жасаўшы ҳәр бир пуқараның тәғдирине бийпарық емеспен» деп, күйип-жанып жасаўымыз керек!
Алпысбай НИЕТУЛЛАЕВ
Тахтакөпир ППЖ баслығы