Siyosat ХАЛЫҚҚА СОЦИАЛЛЫҚ ХЫЗМЕТ КӨРСЕТИЎГЕ БОЛҒАН КҮШЛИ ИТИБАР

ХАЛЫҚҚА СОЦИАЛЛЫҚ ХЫЗМЕТ КӨРСЕТИЎГЕ БОЛҒАН КҮШЛИ ИТИБАР

14
ХАЛЫҚҚА СОЦИАЛЛЫҚ ХЫЗМЕТ КӨРСЕТИЎГЕ БОЛҒАН КҮШЛИ ИТИБАР

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 1-июньдағы «Халыққа сапалы социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў, оның нәтийжели қадағалаў системасын жолға қойыў бойынша комплекс ис-илажлар ҳаққында»ғы ПП-82-санлы Пәрманына тийкарланып Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги, ўәлаятлар ҳәм Қарақалпақстан Республикасы басқармалары,  ҳәр бир район (қала)ларда «Инсан» социаллық хызметлер орайлары шөлкемлестирилди.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң арнаўлы қарары менен «Инсан» хызметлер орайлары ҳәм социаллық хызметкерлердиң тийкарғы ўазыйпалары белгилеп берилди.
Атап айтқанда, «Инсан» хызметлер орайлары ҳәм социаллық хызметкерлери тәрепинен социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларға, жалғыз кексе ҳәм жалғыз жасаўшы кекселер, сондай-ақ, майыплығы болған шахслар (балалар)ға жәми 49 түрдеги мәмлекетлик социаллық жәрдемлер ҳәм хызметлер көрсетиледи. Соның менен бирге социаллық хызметкерлер социаллық қорғаўға мүтәж шахстың атынан арза киргизиў жолы менен жәми 18 түрдеги хызмет ҳәм жәрдемлер көрсетиледи.
Ҳүрметли Президентимиздиң 2023-жыл 21-декабрь күнги «Мәҳәлле институтларының жәмийеттеги ролин түптен асырыў ҳәм  оның халықтың машқалаларын шешиўде биринши буўын сыпатында ислеўин тәмийинлеўге қаратылған ис-илажлар ҳаққында»ғы ПП-209-санлы Пәрманы, сондай-ақ, «Өзбекстан Мәҳәллелери аўқамы искерлигин жолға қойыў ҳәм мәҳәллелерде басқарыў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында» ғы ПҚ-402-санлы қарары менен мәҳәлле баслығы, ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, профилатика инспекторы, салық ҳәм социаллық хызметкерлеринен ибарат жәмийетшилик тийкарында жумыс алып баратуғын «Мәҳәлле жетилиги» шөлкемлестирилди.
Бунда айрықша социаллық хызмет-керлердиң ўазыйпалары белгилеп берилди. Мәҳәллелерге бириктирилген социаллық хызметкер тийкарынан 8 түрдеги ўазыйпаларды атқарады.
Атап айтқанда:
1-ўазыйпа: Социаллық хызметкер халықтың социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлер, социаллық ис бойынша хабардарлығын асырыў;
2-ўазыйпа: Ҳәр бир шаңарақ жағдайын үйренип, олардың социаллық хызметлер ҳәм жәрдемге болған мүтәжлигин анықлаў ҳәм баҳалаў;
3-ўазыйпа: Социаллық қорғаўға мүтәж шахс ушын индивидуал тәртипте социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлер көрсетиў режесин ислеп шығыў ҳәм шөлкемлестириў;
4-ўазыйпа: Социаллық қорғаўға мүтәж шахсларға социаллық хызмет ҳәм жәрдемлер көрсетиўди шөлкемлестириў;
5-ўазыйпа: Социаллық қорғаўға мүтәж шахстың атынан социаллық хызмет ҳәм жәрдемлерден пайдаланыў ушын сораўнама киргизиў;
6-ўазыйпа: Ишки ресурсларды, сол қатары социаллық қоллап-қуўатлаў бо-
йынша кеўиллилерди (туўысқанлар, қоңсы-қобалар, волонтёрларды) социаллық хызмет ҳәм жәрдемлерди көрсетиўде топлайды және олардың жумысларын муўапықластырып барады.
7-ўазыйпа: Социаллық қорғаўға мүтәж шахсларға «Мәҳәлле жетилиги» менен биргеликте олардың машқалаларына шешим табыў ушын комплекс илажлар көреди.
8-ўазыйпа: Халыққа мәмлекет тәре-пинен кепилленген социаллық хызмет ҳәм жәрдемлер ҳаққында, сондай-ақ, пуқаралардың усы хызмет ҳәм жәр-демлерден пайдаланыў бойынша түси-никлер берип барады.
Социаллық қорғаўға мүтәж шахслар кимлер:
Өзгелер күтимине мүтәж жалғыз ҳәм жалғыз жасаўшы кекселер;
Майыплығы болған шахслар ҳәм аўыр кеселликлер менен аўырғанлар;
Кем тәмийинленген шаңарақлар;
Физикалық, ақылый, сенсор яки руўҳый нуқсанлары бар болған ҳәм узақ ўақыт емлениўге мүтәж болған балалар;
Жетим балалар ҳәм ата-ана қарама-ғынан айрылған балалар;
Ата-аналық ҳуқықынан айрылмастан турып балалары алып кетилген ата-аналар;
Ата-анасы шет мәмлекетлерге кеткен балалар ҳәм 18 жасқа толмаған перзентлери бар жалғыз аналар ҳәм аталар;
Басым ҳам зорлыққа ушыраған ҳаял-қызлар ҳәм олардың ер жетпеген балалары.
Усы жоқарыда көрсетилген шахслар социаллық қорғаўға мүтәж шахслар деп түсиниледи.
Соны да айтып өтиўимиз орынлы, жәми 12 түрдеги социаллық төлемлер, напақалар социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм оның аймақлық «Инсан» социаллық хызметлер орайларына өткерилди. Яғный: 
1. Жасқа байланыслы напақа;
2. Бағыўшысын жоғалтқанлық напа-қасы;
3. Өзгелер күтимине мүтәж майып-лығы болған 18 жасқа шекемги балаларына қараўшы ата-аналарға ҳәм нызамлы ўәкилине напақа;
4. 18 жасқа шекемги болған балалықтан майыплылық напақасы;
5. Майыплылық напақасы 1-ҳәм  2-топар майыплығы болған шахслар ушын;
6. Кем тәмийинленген шаңарақлар ушын балалар напақасы;
7. Кем тәмийинленген шаңарақлар ушын материаллық жәрдем;
8. Перзент туўылғанда бир мәртелик напақа, сүйинши пул;
9. Жерлеў напақасы;
10.  Мүтәж шанарақларға бир мәртелик төлеп берилетуғын материаллық жәрдем;
11. Социаллық қамсызландырыў қоры-нан ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасы;
12. Социаллық-материаллық жәрдем пакети.
Өзбекстан Республикасы Министр-лер Кабинетиниң 2023-жыл 10-ноябрь күнги «Социаллық қорғаў бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы арқа-лы кем тәмийинленген шаңарақларды анықлаў ҳәм оларға социаллық напақалар тайынлаў бойынша электрон көринисте арза бериўди енгизиў ис-илажлары ҳақ-қында»ғы 596-санлы қарары қабыл етилип, қарар тийкарында кем тәмийинленген шаңарақларға социаллық напақаларды тайынлаў бойынша бир қатар өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.
Атап айтқанда, 2024-жыл 1-апрель сәнесинен баслап кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем тайынлаў ушын онлайн арза бериў бойынша мәмлекетлик хызметин көрсетиў жолға қойылды.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 21-октябрьдеги 654-санлы қарары менен тастыйықланған «Кем тәмийинленген шаңарақларды «Социаллық қорғаў бирден-бир реестри» мәлимлеме сис-темасы арқалы анықлаў, оларға кем тәмийинленген шаңарақ балалары ушын напақа ҳәм материаллық жәрдем тайынлаў ҳәм төлеў тәртиби» ҳаққындағы Режениң 351-бәнтине тийкарланып, 2023-жыл ноябрь айынан баслап балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем алыўшы шаңарақтың экономикалық аўҳалы белгиленген тайынлаў мүддети жуўмақланаман дегенге шекем ҳәр айда төлеў системасы қәлиплестирилгенше қайта арза талап етилмеген ҳалда тийисли министрлик ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме системасынан электрон тәризде алынған мағлыўматларға муўапық автомат тәризде қайта үйрениледи.
Сондай-ақ, төмендеги жағдайлардан баслап кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем тайынлаў бийкар етиледи. Яғный, ислеп шығарылған ўақты 12 жылдан (шаңарақ ағзасы майыплылығы болған шахс болса 7 жыл) аспаған, техникалық жағдайы саз болған жеңил автотранспорт болғанда;
-ислеп шығарылған ўақты 15 жылдан аспаған, техникалық жағдайы саз болған жүк тасыўшы автотранспортлар, автобус, микроавтобус, экскаватор, трактор, комбайн, жүк тасыўшы автотранспорт қуралларының тиркемелери, автокран ҳәм басқа қурылыс техникасы бар болғанда;
- жәми еки ҳәм оннан артық техникалық жағдайы саз болған жеңил ҳәм жүк тасыўшы автотранспорт қураллары, автобус, микроавтобус, экскаватор, трактор, комбайн, жүк тасыўшы автотранспорт қуралларының тиркемелери, автокран ҳәм басқа қурылыс техникасы бар болғанда;
- арза бериўши ҳәм оның шаңарақ ағзаларының банклердеги депозит есап бетинде арза берген ўақытта МҲТЕКМ муғдарының 5 есеси ҳәм оннан көп қаржылары бар болғанда;
-2 ҳәм оннан артық көшпес мүлки яки бир ҳәм оннан артық натурар көшпес мүлки бар болғанда;
-Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Президент қәўипсизлиги хызмети, Айрықша жағдайлар министрлиги, Миллий гвардия, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Бажыхана хызмети хызметкерлери, олардың шаңарақ ағзалары яки пенсионерлери тәрепинен арзалар берилгенде;
-Судьялар ҳәм олардың шаңарақ ағзалары пенсия тайынлаў шәртлери, тәртиплери ҳаққындағы нызамға муўапық пенсиялар менен тәмийинленгенде;
-Дәрамат дереклерине ийе болмаған ҳәм ақырғы 6 ай даўамында жумыс излеп, бәнтлик уйымларында есапта турмаған, өзин-өзи бәнт еткен шахслар дизимине киргизилмеген яки мийнет ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға  тартылмаған шаңарақтың мийнетке жарамлы ағзасы бар болғанда;
-Шаңарақта ақырғы 12 ай даўамында жумыс излеўши шанарақ ағзасы бәнтлик уйымларының усынысларынан 2 ҳәм оннан артық рет бас тартқанда;
-шаңарақта кәмбағаллықты кысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў уйымлары тәрепинен тайынланған жумыссызлық напақасын алып атырған ағзалары барған болғанда;
-Салық комитетиниң мағлыўматлар базасында мийнет ҳақы ҳаққында мағлыўматлар бар, бирақ оның мийнет яки пуқаралық-ҳуқықый шәртнамалары «Бирден-бир миллий мийнет системасы» бағдарламасында жоқ болған жағдайда балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем тайынлаў бийкар етиледи.

Даўлетбай Жаңабаев
Районлық «Инсан» социаллық хызметлер орайының директоры