Ma'daniyat «ҚОҢЫРАТКӨЛ»ДЕ БАЙРАМ НӘПЕСИ

«ҚОҢЫРАТКӨЛ»ДЕ БАЙРАМ НӘПЕСИ

18
«ҚОҢЫРАТКӨЛ»ДЕ  БАЙРАМ НӘПЕСИ

Қайта жаңғырған наўрыздың қәдир-қымбатын жақсы түсинип,  мазмунға бай түрде миллий дәстүрлеримизди бабалар жолына садық болып қәдирлеген ҳалда ҳәр бир мийнет жәмәәти, мәҳәлле, аўыл-аймақ болып өткерип атырғанынан, жыллар өткен сайын наўрыз байрамының жаңаланып, жасарып баратырғанынан байқаў қыйын емес.
Ең әййемги ҳақыйқый миллий байрамды районымыздың көп миллетли халқы ҳәр бир аймақта мазмунға бай түрде өткериўге, үлкенлер жолын жаслар даўам етип, миллий дәстүрлеримизди қәстерлеўге бағдарламақта. Райондағы 4-секторға қараслы Қоңыраткөл аўыл пуқаралар жыйыны халқы да наўрыз байрамын мазмунлы өткериўге еристи.  

Қоңыраткөл аўылында бүгинги күнде 1471 халық жасайды. Әзелден шарўашылыққа қәнигелесип, атақлы шопанлары менен данқ шығарған бул елатта көпшилиги қазақ миллетиндеги ағайинлер жасап ҳәм мийнет етип атыр. Қыс ызғары қайтып, төрт түлик мал түлейтуғын, адамлардың аўзы аққа тийип, малдың аўзы көкке тийетуғын, жер бетинде шадлық орнап, жыл қуслары келип, қысқы уйқыдағы тиришилик атаўы уйқыдан оянатуғын бул күнди қазақ халқы «Ұлыс күн» деп атаған. Олар Улыс күнде миллий дәстүрлерин мақтаныш етти.

Үш мың жылдан артық тарийхқа ийе болған Наўрыз – өзиниң жаңаланыў,  бәҳәр нәпесин баслап келиўи, халқымыздың тәбияты, сана сезими, қәлбине терең сиңип кеткени, ҳәр бир шаңараққа қуўаныш, шадлық алып келиўи менен биз ушын ең қәдирли ҳәм әзийз миллий байрам болып табылады. Қоңыраткөлде өткерилген байрам кешесинде бесик жыры, қыз узатыў, тусаў кесер, яр-яр, бет ашар сыяқлы сахналық көринислер, спорт жарысларынан арқан тартысыў, гүрес,  тас көтериў жарыслары менен уласты. Аймақтағы 18-санлы мектеп жәмәәти байрам тамашаларына белсене қатнасты. Жеңимпазлар жыйын тәрепинен хошаметленди. 

Наўрыз кешеси усындай мазмунға бай тәризде жуўмақланды.

 Гүлнара Дәўлетмуратова