Siyosat “Мәҳәлле бюджети” системасы енгизиледи

“Мәҳәлле бюджети” системасы енгизиледи

0
 “Мәҳәлле бюджети” системасы енгизиледи

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 26-декабрьдеги “Мәҳәлле бюджети” системасын жәриялаў арқалы мәҳәллелердиң финанслық имканиятын және де кеңейтиў бойынша қосымша ис-илажлары ҳаққындағы 458-санлы қарары тийкарында төмендегилер белгиленди:

1. Мәҳәллелер тәрепинен физикалық шахслардан алынатуғын мал-мүлк салығы ҳәм жер салығын халықты салық төлеў саўатлылығын асырыў арқалы өндириўге көмеклесиў ҳәм ҳәр бир мәҳәлле өзиниң машқаласын ғәрезсиз шешиўи ушын 2023-жыл 1-январьдан баслап қарарда көрсетилген ҳәм салықларды өндириў көрсеткиши пәс болған районларда “Мәҳәлле бюджети” системасы ҳуқықый эксперимент тийкарында жәрияланады.

2. 2023-жыл 1-январьдан баслап, қарарға муўапық районларда мал-мүлк ҳәм жер салығы (турақсыз жайлар бойынша мал-мүлк ҳәм жер салығы буннан тысқары) бойынша өндирилген қаржылардың 10 пайызы есабат айынан кейинги айдың 10-сәнесине шекем район бюджетлери арқалы тийисли мәҳәллениң социал-экономикалық машқалаларын шешиў жыйымларына жөнелтириледи.

Зулпикар ЕРЕЖЕПОВ

ҚР прокуратурасының бөлим  баслығы