«Технопарк» аймағы шөлкемлестирилмекте
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2022-жыл 6-июльдағы “Қарақалпақстан Республикасында “Нукус технопарки” арнаўлы санаат зонасын шөлкемлестириў ис илажлары ҳаққында”ғы 306-санлы қарары қабыл етилди.
1. Қарар менен Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында “Нөкис” еркин экономикалық зонасы аймағындағы 30 гектар бос жер майданында “Нукус технопарки” арнаўлы санаат зонасы 30 жыл мүддетке шөлкемлестирилмекте;
«Технопарк» жумысларын басқарыўды “Нөкис” еркин экономикалық зонасы дирекциясы”мәмлекетлик унитар карханасына жуклетиледи.
2. «Технопарк» қурамына кириўши аймақлар шегаралары тастыйықланды ҳәм усы аймақлар “Нөкис” еркин экономикалық зонасынан шығарып тасланды.
3. «Технопарк»тыӊ тастыйықланған бас режесине тийкарынан:
2023-2024 жылларда инженерлик-коммуникация ҳәм жол инфрадузилиси менен тәминлеў лазым болған объектлер дизими қәлиплестириледи ҳәм тастыйықланады; сол жылдыӊ 1-октябрине шекем объектлерде әмелге асырылатуғын режелердин ҳужжетлерин ислеп шығыў ҳәм орнатылған тәртипте әкелиў жумыслары жуўмақланады.
4. Төмендегилер белгиленди: 2023-2024 жылларға режелестирилген Өзбекстан Республикасыныӊ социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфрадузилисин раўажландырыў дәстури шеӊберинде «Технопарк»тыӊ инженерлик-коммуникация инфра дузилисин раўажландырыў ушын орайдан финансластырыў дереклери есабынан капитал қойылмалар лимитлери ажыратылады;
«Технопарк» шеӊберинде инвестиция режелерин әмелге асырыў ушын жер майданларын ажыратыў Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 21.12.2018 жылдағы ПФ–5600-санлы Пәрманына муўапық әмелге асырылады.
5. Өзбекстан Республикасыныӊ туўрыдан-туўры инвестициялар фонды коммерциялық банклары менен биргеликте «Технопарк» аймағында: ислеп шығарыў дәрежесин кеӊейтиўге, сондай-ақ, оныӊ бәсекиге шыдамлылығын жәнеде асырыўға туўрыдан-туўры шет ел инвестициялары ҳәм инновацион технологияларын тартылады; жергиликли ҳәм шет ел инвесторлар менен узақ муддетли өз-ара пайдалы шериклик мунәсебетлерин жолға қойыў арқалы инвестиция ислерин қоллап қуўатланады ҳәм раўажландырады; инвестиция усынысларын баҳалаў, инвестиция режелерин ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўға көмеклесиў ис илажлары көриледи.
6. Ташкент қаласы ҳәкимлиги экономикалық белсенди, жоқары дәрежели ислеп шығарыўшы кәрханаларды «Технопарк» аймағына тартыўға жуўапкер етип белгиленди.
З.М.Ережепов
Тахтакөпир районы прокурорыныӊ жәрдемшиси