Siyosat Хош хабар: Районда пахта тазалаў заводының ашылды

Хош хабар: Районда пахта тазалаў заводының ашылды

0
Хош хабар: Районда пахта тазалаў заводының ашылды

Бүгин Тахтакөпир районы "Ғәрезсизлик" мәкан пуқаралар жыйыны аймағында "Қарақалпақстан агрокласстер" жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қурып питкерилген пахта тазалаў заводының ашылыў мәресими болып өтти. Ашылыў мәресимине район ҳәкими Ж.Адилов, Қараөзек районы ҳәкими У.Утамбетов ҳәм де тийисли тараў басшылары менен бирге жасы үлкен нураныйлар қатнасты.

Мағлыўмат ушын:

Жойбар баҳасы: 17млрд. 850 млн. сўм
Қуўатлылығы: Жылына 40 мың тонна пахтаны қайта тазалаў имканиятына ийе
Шөлкемлестирилетуғын жумыс орны: 250 жумыс орны

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети