Ma'daniyat “Ҳәййиў айтқан жетер муратқа” таңлаўының районлық басқышы

“Ҳәййиў айтқан жетер муратқа” таңлаўының районлық басқышы

0
 “Ҳәййиў айтқан жетер муратқа” таңлаўының районлық басқышы

Районлық Мәденият бөлиминиң мәденият орайы залында  “Ҳәййиў айтқан жетер муратқа” атамасында республикалық таңлаўының районлық басқышы болып өтти. 
Таңлаўға  районымыздағы мәкан,  аўыл пуқаралар жыйынлары, бөлимге қараслы орынлардағы мәденият орайларынан ҳәўескерлер қатнасты. 
Таңлаўдың районлық басқышы бойынша “Шуғла” қосық ҳәм миллий ойын халық ансамбли қатнасыўшысы Базаргүл Өтемуратова  1-орынды, «Мийрас» фольклор-этнографиялық халық жәмәәти қатнасыўшысы Гүлчеҳра Қыдырниязова 2-орынды  ҳәм  Мақпалкөл мәденият орайы  басшысы Шийрингүл Айтекеевалар 3-орынларды ийеледи. Жеңимпазлар Мәденият бөлими тәрепинен диплом менен сыйлықланды ҳәм  республикалық басқышқа жоллама алды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети