Ma'daniyat Жазыўшылар менен ушырасты

Жазыўшылар менен ушырасты

0
Жазыўшылар менен ушырасты

 

Дөретиўши инсанларды халқымыз қай ўақытта да ҳүрмет етип келген. 
Тахтакөпир районлық мәлимлеме китапхана орайы ҳәм  3-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектебинде "Дослық" ордени ийеси, "Қарақалпақстан халық жазыўшысы" Муратбай Нызанов ҳәм жерлесимиз, сатирик жазыўшы Сайлаўбай Жумағуловлардың 70 жасқа шығыўына байланыслы китап оқыўшылары менен ушырасыўлары өткерилди. Ушырасыў пайытында жазыўшы нураныйлар өзлериниң дөретиўшилик мийнетлери ҳаққында айтыў менен бирге, китап оқырманларының сораўларына жуўап берди. Кишкене китап қумарлар өзлериниң көркем өнерге қызығыўшылығын көрсетти. Ушырасыўлар мазмунлы болып өтти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети