Ma'daniyat Дәўир қызлары жарысқа түсти

Дәўир қызлары жарысқа түсти

0
Дәўир қызлары жарысқа түсти

Бәҳәрдиң келиўи менен бизиң гөззал қыз-келиншеклеримиздиң жүзлеринде шадлық орнап, олардың көркине көрк қосылғанын аңлаў қыйын емес. Себеби, бәҳәр паслы менен бирге елимизге  Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы келеди. Олар турмыстың қайсы бир тараўында болса да белсенди қәнигеси, шаңарақтың берекетли анасы, жигитлердиң өмирлик жолдасы, қарындасы яки қыз апасы. Басым көпшилиги ҳаял-қызлардан ибарат жәмәәтлердиң бири бул - балалар бақшасы.  Атакөл аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 5-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң тәрбияшылары ҳәм жәрдемши тәрбияшылары байрамға таярлықты, өз-ара жарысларды баслап жиберди. Тәрбияшылар арасында өткерилген "Дәўир қызлары" атамасындағы таңлаў қызықлы  өтти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети