Ma'daniyat Келеси басқышқа жоллама берилди

Келеси басқышқа жоллама берилди

0
Келеси басқышқа жоллама берилди

Районлық  мәденият орайында "Ботир Зокиров көркем өнери даўамшылары" атамасындағы республикалық көрик таңлаўының районлық  басқышы болып өтти. Таңлаўға 16 жастан 28 жас аралығындағы эстрада қосық атқарыўшылары  Ботир Зокировтың репертуарынан "Раъно", "Арабское танго", "Бир оқшом", "Мафтун булдим" ҳ.т.б қосықларын атқарыў менен қатнасты. Таңлаў жуўмағында 1-орынды "Шуғла" қосық ҳәм ойын Халық ансамбли қосықшысы А.Жумамуратов, 2-орынды "Саржайлау" Халық ансамбли қосықшысы Қ.Ерғабулов ҳәм 3-орынды да усы Халық ансамблиниң қосықшысы А.Мукешовлар жеңип алды. Жеңимпазларға таңлаўдың республикалық басқышына жоллама берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети