Ma'daniyat Мектеп оқыўшылары аўыллас қаҳарманын еследи

Мектеп оқыўшылары аўыллас қаҳарманын еследи

0
Мектеп оқыўшылары аўыллас қаҳарманын еследи

7-санлы мектеп Өзбекстан Қаҳарманы А.Адиловтың жасап ҳәм мийнет етип өткен аўылында жайласқан. Мектепте А.Адиловтың туўылғанына 80 жыл толыўына арналған кеше өткерилди. Онда тарийх пәни оқытыўшысы қаҳарманның өмири ҳәм жетискенлиги, ели ушын еткен мийнетлери ҳаққында баянат жасады. А.Адиловтың өз өмирин сәўлелендирип жазып кеткен мемуар китаплары менен оқыўшыларды таныстырды. Мектеп оқыўшылары өзлери дөреткен қосықларынан оқыды. Еслеў кешеси тәсирли өтти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети