Ma'daniyat Бүгин қазақ шайыры М.Мақатаевтың туўылғанына 90 жыл толды

Бүгин қазақ шайыры М.Мақатаевтың туўылғанына 90 жыл толды

0
Бүгин қазақ шайыры М.Мақатаевтың туўылғанына 90 жыл толды

Соның менен өлмейтуғын, өшпейтуғын шығарман,

Сәл ғана мызғып алып, қайтадан турарман...

деп жырлаған туўысқан қазақ халқының белгили ақыны-шайыр Муқағали Мақатаевтиң туўылғанына бүгин 90 жыл толды.  Тахтакөпир районындағы "Мүлик" аўылында жайласқан 16-санлы қазақ тилинде билим бериўши орта мектепте Муқағали Мақатаевтиң туўылғанына  90-жасқа толыў мүнәсибетине  арналған «Қазақ поэзиясының Хан Тәңири» атамасында әдебий кеше өткерилди. Онда шайырдың дөретпелерин оқыўшылар устазлары менен биргеликте орынлап шығыўға еристи.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети