Ma'daniyat Умытылмас тулғалар

Умытылмас тулғалар

0
Умытылмас тулғалар

Бүгин елимиздиң ҳәр бир мүйешинде сөз мүлкиниң султаны Алишер Наўайының туўылғанына 580 жыл толыў мүнәсибети менен әдебий илажлар өткерилмекте. Тахтакөпир районындағы 1-санлы орта мектеп залында оқыўшылардың қатнасыўында шайырлар Алишер Наўайы ҳәм Мухаммед Бабурдың туўылған күнлери мүнәсибетине арналған "Умытылмас тулғалар" атлы әдебий илаж шөлкемлестирилди. Онда мектеп оқыўшылары шайырлардың өмиринен үзиндилер, олардың дөретпелеринен сахналық көринислер қойып, шығармаларын ядқа оқып берди. Қатнасыўшылар мектеп жәмәәти атынан хошаметленди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети