Ma'daniyat Муниса менен Альбина Россияда жеңимпаз

Муниса менен Альбина Россияда жеңимпаз

0
Муниса менен Альбина Россияда жеңимпаз

17-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде және бир жаңалық. Жақында ғана Россия Федерациясының Екатеринбург қаласында онлайн түрде өткерилген IV Халықаралық "Сазлы әсбаплы дөретиўшилик" таңлаўында усы мектептиң оқыўшылары Муниса Муратбаева менен Альбина Сапаевалар "Фортепиано дуэт" жөнелиси бойынша лауреат болды ҳәм II дәрежели диплом менен сыйлықланды. Жеңимпаз қызлардың устазы Жамила Абиеваға да қәнигелигине садақатлығы, шәкиртлериниң табысы ушын арнаўлы таярланған диплом жетип келди. Бәрекелла, деймиз музыка мектеби жәмәәтине. Табысларыңыз және де арта берсин!

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети