Ma'daniyat Халықаралық таңлаў жеңимпазы

Халықаралық таңлаў жеңимпазы

0
Халықаралық таңлаў жеңимпазы

Европа мәмлекетлери Мәденият ассоциациясының Греция мәмлекетинде өткерилген театр өнери бойынша халықаралық таңлаўда Тахтакөпир районындағы 17-санлы музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң театр бөлими сыйлы екинши орынды ийеледи. Театр бөлими оқыўшылары миллий фольклор ойыны "Хәкке қайда?" композициясы менен қатнасқан еди. Оқыўшыларды көркемлик жақтан жетекши устазы Айсәнем Қурбаназарова таярлаған. Жеңимпаз жас өспиримлерди қутлықлаймыз.

Бул көркем өнершилердиң шет еллерде өткерилген таңлаўларда биринши табысы емес. Мектеп жәмәәтине рахмет айтамыз.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети