Ma'daniyat ҲАЯЛЛАР-ШАҢАРАҚТЫҢ УЙЫТҚЫСЫ

ҲАЯЛЛАР-ШАҢАРАҚТЫҢ УЙЫТҚЫСЫ

0
ҲАЯЛЛАР-ШАҢАРАҚТЫҢ УЙЫТҚЫСЫ

Бизиң 7-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң педагог-тәрбияшылары балаларға «Дәслепки қәдем» оқыў бағдарламасы шеңберинде  тәлим-тәрбиясын берип келмекте.

Жасарыў, ояныў паслы менен кирип келетуғын ҳаял-қызлар байрамын шөлкем жәмәәти көтериңки руўхта белгилеп өтти.

Байрамға арнап мектепке таярлаў топары тәрбияланыўшы қызлар арасында  «Бәҳәр мәлийкасы», ал, педагог кадрлардың билим-тәжирийбелерин сынаў мақсетинде «Шаңарақтың уйытқысы-әзийз ҳаяллар» атамасында жарыслар өткерилип, бес басқыш бойынша беллести. Жеңимпазлар анықланып, оларға байрам саўғалары тапсырылды.

Шийрингүл АЛЛАНИЯЗОВА

7-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң психологи