Iqtisodiyot ТҮЙЕҚУСТА СЫР КӨП

ТҮЙЕҚУСТА СЫР КӨП

0
ТҮЙЕҚУСТА СЫР КӨП

Сиз түйеқус ҳаққында жақыннан билесизбе, бәлким көрген де шығарсыз?! Лекин әйне мәҳәлде тап сол қусларды аўылымызға алып келип бағып атырғанлар ҳаққында хабарыңыз барма? Олай болса танысың, исбилермен Илҳам Мақсетбаев районда жаңалық жаратыў мақсетинде банктен 30 миллион сум муғдарында жеңиллетилген кредит алып, 10 дана африка түйеқусын апрель айында алып келип тәўекелшиликке бел байлады.

Дәслеп азы-кем түйеқусының пайдалы қәсийетлери ҳаққында айтып өтпекшимен. Сыртқы келбетине қарағанда әжептәўир, бирақ оның гөши, майы, мәйеги, териси, пәри, ҳәттеки тырнағына шекем баҳалы екенлиги бәршени таң қалдырса керек.  Қәрежети кем, пайдасы мол жанзатлардың ишинде өзиниң тойғанын билетуғын түйеқус екен.  Ҳәр бир қус күнине 2 килограмм, ал шөжелери 200 грамм азықлық жейди екен. Еситиўимизше түйеқустың терисинен аяқ-кийим, ҳаял-қызлардың сумкалары, костюмлар таярланса, пәринен жумсақ нәрселер, гөши жүрек-қан тамыр, қан басымы, қантлы диабет кеселликлери ушын жүдә пайдалы, мәйегиниң сыртқы қабығы кальцийге бай, майынан медицинада пайдаланылады. Ҳәр бир таўық мәўсимде 50-60 мәйек қояды. Палапаны 45 күнде мәйектен шығады.

-Түйеқус бағыў идеясы қайдан шықты, ең биринши не нәрсе түртки болды деп сорағанымызда Илҳам: -Дәслеп интернет арқалы түйеқус бағыўдың пайдалы екенин көрип менде де сондай идея пайда болды. Шөжелерди апрель айында алып келген болсам ҳәзир бир аз үлкейип қалды. Бундай қусларды сақлаў ушын биринши нәўбетте кең жер керек екен. Себеби, олар үлкен және ҳәрекетшең болғаны ушын үлкен майданда емин-еркин жүргени олар ушын қолайлы. Азықлық затлары қәдимги өзимиздеги дәнли егинлер, арнаўлы таяр азықлық затлар, көк шөп, жоңышқа, әсиресе қыярды майдалап туўрап берсең таласып-тармасып жейди. Шаңарақта ҳәммениң ермеги сол қуслар болды. Бул қуслар ҳәр қандай кеселликке шыдамлы болғанлықтан тек шөже пайытында 6 айға шекем жақсылап қараўды талап етеди. Еситиўимизше түйеқуслар көп жыл өмир сүриўи мүмкин екен. Қай исте де баслаған жумысымның берекетли болыўын тилеймен. Себеби, истиң көзин табыў ушын да сеннен ҳәрекет керек.

«Жигиттиң жумсаған күшин сорама, питкерген исин сора» демекши, Илҳамның баслаған ҳәрекети арқалы өзгелерге өрнек болыўын, келешекте қуслардың санын көбейтип, түйеқус бағыў бойынша үлкен фермер хожалығын ашып, жумысының еле де кеңейиўине тилеклеспиз.

 

М.АЛЛАМБЕРГЕНОВА