Ma'daniyat ЕҢ ЖАҚСЫ КИТАП ОҚЫЎШЫЛАР АНЫҚЛАНДЫ

ЕҢ ЖАҚСЫ КИТАП ОҚЫЎШЫЛАР АНЫҚЛАНДЫ

0
ЕҢ ЖАҚСЫ КИТАП ОҚЫЎШЫЛАР АНЫҚЛАНДЫ

Китап-билим булағы, билим-илим шырағы, деп китапты қәдир тутып, оның әҳмийетин жоқары баҳалап келген халықпыз. Себеби, китап адамзаттың руўхый раўажланыўын тәмийинлеўде барлық дәўирде де бийбаҳа байлығы есапланып келген. Жас өспиримлердиң китап оқыўға болған қызығыўшылығын қадағалаў ҳәм еле де арттырыў мақсетинде ҳәр жылы дәстүрге айналған «Китапқумарлар байрамы» өзиниң рәң-бәреңлиги менен жаслар қәлбинен орын алып атыр. Усы байрам шеңберинде райондағы мәлимлеме ресурс орайы қәнигелери тәрепинен 3-8-апрель күнлери аралығында «Fалаба китапқумарлар ҳәптелиги» шөлкемлестирилди.

Ҳәптеликтиң жуўмақлаўшы басқышында мектеп оқыўшылары арасында китап оқыўға жүдә қызығыўшы оқыўшыларды таңлаў мақсетинде «Ең жақсы китап қумар оқыўшы» таңлаўы өткерилди.

Таңлаў шәртлери бойынша сәлемнама, шығарма авторын анықлаў, қызықлы сораў-жуўаплар, ең көп қосық ядлаўшы китап қумар ҳәм еркин темадағы көркем өнерге қызығыўшылығын көрсете алыўда оқыўшылардың билими, әдеп-икрамлылығы, китап оқыўға болған қызығыўшылығы баҳаланып барылды.

Таңлаўға райондағы  мектеплерден  17  оқыўшы қатнасты. Жуўмағында 3-санлы мәмлекетлик қәнигелестирилген   улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Ҳүрлиман Бегдуллаева 57 балл менен бириншиликти ийелеп, «Ең жақсы китап оқыўшы» атанды.

7-санлы мектептен Ҳүрлиман Жолдасбаева екинши, 5-санлы мектептен Рахима Дәўлетова менен 7-санлы мектеп оқыўшысы Улзада Бабажановалар үшинши орын ийелери болды.

Жас өспиримлерди китап оқыўға қызықтырыў арқалы оларды ўатанды сүйиўге бағдарлаў, қәлбинде адамгершилик, қайырхомлық сыяқлы әжайып пазийлетлерди қәлиплестириў, руўхый дүньясын байытыўдай ең жақсы тәрбияны бериўге болады. Сонлықтанда бундай таңлаўлардың өткерилип барылыўын көпшилик мақуллайды деген ойдамыз.

Ҳүрлиман АСЕНОВА