Ma'daniyat СПОРТ МЕКТЕБИНДЕГИ НАЎРЫЗ БАЙРАМЫ

СПОРТ МЕКТЕБИНДЕГИ НАЎРЫЗ БАЙРАМЫ

0
СПОРТ МЕКТЕБИНДЕГИ  НАЎРЫЗ БАЙРАМЫ

Журтымызда жасарыў ҳәм жаңаланыў әййямы болған Наўрыз байрамын халқымыз  үлкен көтериңкилик руўхында белгилеп өтти. Ҳәр бир аймақта Наўрызға бағышланып ҳәр түрли байрам сейиллери өткерилди. әсиресе «Тахтакөпир» ППЖ аймағында жайласқан балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде де бул байрам өзгеше қуўаныш пенен күтип алынды.

Қутлы әййямға арналған байрам тамашасын район ҳәкими О.Шаназаров қутлықлаў сөзи менен ашып берди. Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри Қ.Бектурдиев, нураный палўан Б.Султановлар бәршени байрам менен қутлықлап, спортшы жасларымызға районымыздың абыройын көтериўде үлкен-үлкен табыслар тиледи.

Буннан кейин спорт мектебиниң көркем гимнастикашы қызлары өзлериниң әжайып ойынлары менен шықты. Жас палўанлар гүресип, жеңимпазларға сыйлы саўғалар берилди.

Байрам тамашасында гимнастикашы қызымыз Жансулыў Татлымуратова ҳаўа гимнастикасы бойынша ойын көрсетип, көпшиликти таң қалдырды.

Сондай-ақ, районлық мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайы талантлылары, балалар дөретиўшилик орайы оқыўшылары тәрепинен таярланған байрам концерти қойып берилди.

Спорт мектеби алдында   Наўрызлық гөже қайнатылып, ҳәмме тағамнан дәм татты.

 

М.ИЗИМБЕТОВА