Iqtisodiyot НЫЗАМFА ҚАЙШЫ РӘЎИШТЕ

НЫЗАМFА ҚАЙШЫ РӘЎИШТЕ

0
НЫЗАМFА ҚАЙШЫ РӘЎИШТЕ

Биз ҳәрдайым нызамға қайшы келетуғын ҳәрекетлери менен қолға алынған пуқаралардың ислеген қылмысларын басқаларға сабақ болсын деген нийетте берип барамыз. Тилекке қарсы буннан көпшилик жуўмақ шығара бермейди.

2018-жыл 22-сентябрь күни Нөкис қаласы А.Бегимов көшеси, 66-жайда жасаўшы пуқара А.Сабиров нызамға қайшы рәўиште көп болмаған муғдарда валюта қымбатлықларын өткериў мақсетинде пуқара С.Беканов пенен ҳәр бирин 1 АҚШ долларын 8180 (сегиз мың бир  жүз сексен) сумнан есаплап, жәми 5000 АҚШ долларын өткериў мақсетинде өз-ара келискен ҳалда ҳәм өзиниң таныслары Нөкис қаласы «Парахатшылық» көшеси 6-жайда жасаўшы пуқара П.Парахатов ҳәм Нөкис қаласы «Тынышлық» көшеси 6жайда жасаўшы жас өспирим Н.Насировлар арқалы пуқара С.Бекановқа ҳәр 1 АҚШ долларын 8180 сумнан  есаплап, жәми 4900 АҚ долларын 40  082 000 сумға сатқан ўақытта қолға алынды.

Солай етип, пуқаралар А.Сабиров, П.Парахатов ҳәм жас өспирим Н.Насировлар өзиниң жоқарыда көрсетилген нызамға қайсы рәўиште көп болмаған валюта қымбатлықларын бир топар шахс болып өткерген ис-ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 177-статьясы 2-бөлими«в» бәнтинде көрсетилген жынаятты толығы менен қастан ислегенлиги анықланды.

Соның менен бирге пуқара А.Сабиров өзи жынаят ислеп қоймай Н.Насировтың жас өспирим екенлигин биле тура, оны нызамға қайшы рәўиште көп болмаған валюта қымбатлықларын алыў ямаса өткериў жынаятын ислеўге қатнастырған ис-ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 127-статьясы 3-бөлиминде көрсетилген жынаятты толығы менен қастан ислеген.

Усы жоқарыда келтирип өткен шахслар ислеген қылмыслары ушын нызам алдында өзлериниң тийисли жазаларын алды.

(Адам атлары өзгертилди)

Рустем ИНЯТОВ

Қараөзек районлық ишки ислер бөлими жанындағы

                                       тергеў топары аға тергеўшиси, капитан