Siyosat Мәмлекетлик уйымлар халқымыздың хызметинде

Мәмлекетлик уйымлар халқымыздың хызметинде

0
Мәмлекетлик уйымлар халқымыздың хызметинде

Тахтакөпир районы "Белтаў" аўыл пуқаралар жыйынында, Көркем көшесинде жасаўшы Тастыбаева Замира Турғанбаевна әкеси Тастыбаев Турғанбайдың 2020-жылы қайтыс болыўына ҳәм анасы 2-топар майыбы болыўына байланыслы үй-жайын өзиниң атына ҳүжжетлестирип бериўди сораған мүрәжаты райондағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен үйренип шығылды. Үй-жай ҳүжжетлери нотариус арқалы  Замира Тастыбаеваның атына өткерип берилди. Ҳүжжетлестириў жумыслары мүрәжатшиниң өз мәканында әмелге асырылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети