Ma'daniyat "Китапқумарлық" ҳәптелиги даўам етпекте

"Китапқумарлық" ҳәптелиги даўам етпекте

0
"Китапқумарлық" ҳәптелиги даўам етпекте

020-2025-жылларда китапсүйиўшилик мәдениятын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў миллий дәстүри тийкарында ҳәр жылы апрель айының биринши ҳәптеси елимиз бойлап "Китапқумарлық" ҳәптелиги етип белгиленген еди.  Районлық мәлимлеме-китапхана орайы тәрепинен "Китап арқалы дүньяны үйренемиз" сүрени менен "Китапқумарлық"  ҳәптелиги басланды. Ашылыў кешеси өткерилип,  районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-7-11-санлы мектеплердиң китапқумар жаслары қатнасты. Мәлимлеме -китапхана орайы тәрепинен китап көргизбелери, ашық есиклер күни, "Заманагөй китапхана - заманагөй жаслар ушын" атамасында интерактив ойын шөлкемлестирилди.Кеше барысында районлық мәденият бөлими хызметкерлери ҳәм китапқумар жаслар өзлериниң концерт бағдарламасын қойып берди. Белсенди китапқумар жаслар  хошаметленди. "Китапқумарлық" ҳәптелиги даўам етпекте.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети