Ma'daniyat Tахтакөпир районы ҳәкими Жамбул Адиловтың район халқына байрам қутлықлаўы

Tахтакөпир районы ҳәкими Жамбул Адиловтың район халқына байрам қутлықлаўы

0
Tахтакөпир районы ҳәкими Жамбул Адиловтың район халқына байрам қутлықлаўы

Ҳүрметли ҳәм әзийз тахтакөпиршилер, қәдирли районымыз мийманлары!

Бүгингидей кеўиллерде өзгеше шадлық бағышлап атқан әжайып таңда сизлерди ҳәм сизлер арқалы барлық районымыздың халқын улыстың уллы күни Наўрыз байрамы менен шын жүректен қутлықлайман.

Наўрыз - неше мың әсирлик үрп-әдетлеримиз бенен қоса миллийлигимизди бүгинги күнге жеткерген әжайып күн сыпатында қәдирли.
Наўрыз - күн менен түнниң теңлесип, дийханларымыздың жаңа күни басланыўы менен қәдирли.
Наўрыз - тәбияттағы барлық тиришилик атаўының ояныўы менен қәдирли.
Мине, усындай күш-қудиретке ийе күнди Сиз қәдирли халқым менен бирге ашық аспан астында, татыўлықта байрамлаў несип етип атыр.

Әзийз жерлеслер!

Бүгинги хош кейпият, мийрим-шәпәәт, мийнет сүйиўшилик, қайыр-сақаўат етиўдей уллы пазыйлетлериңиз сизлерди ҳеш ўақыт тәрк етпесин.

Ҳәр бир шаңараққа аўызбиршилик, бахыт, несийбе, ҳәр бириңизге саў-саламатлық, қәдем басқан жерлериңизде әўмет, табыслар тилеймен.

Байрам бәршеңизге және бир мәртебе қутлы мүбәрек болсын, әзийзлер!