Siyosat "Мүлик"теги ушырасыў

"Мүлик"теги ушырасыў

0
"Мүлик"теги  ушырасыў

2020-жыл 25-декабрь күни Ташкент қаласында өткерилген "Өзбекстан жаслары форумында  елимиз президенти Ш.Мирзиёев елимиз жаслары менен ушырасқанда: «Сизлерди Өзбекстанның ең үлкен байлығы, бийбаҳа ғәзийнеси сыпатында жоқары қәдирлеймен, деген еди жасларға қарата. Биз елимизде қандай реформаларға қол урмайық, ең дәслеп, сиз сыяқлы жасларға, сизлердиң күш-ғайратыңыз ҳәм мәртлигиңизге сүйенемиз"-деди президент.

Мине, усы бағдарда орынларда жаслар менен  ушырасыўлар өткерилип, олардың машқаласын шешиў жоллары үйренилмекте. Тахтакөпир районы ҳәкими, 1-сектор баслығы Жамбул Адилов "Мүлик" аўылында жасаўшы жаслар  менен ушырасты. Ушырасыў барысында район ҳәкими олардың мүрәжатларын тыңлап, тийисли уйымларға тапсырмалар берди. Усы күни ҳаяллар дәптеринде турыўшы ҳаял-қызлардың да мүрәжатлары тыңланды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети