Ma'daniyat Байрам кейпиятында өтти

Байрам кейпиятында өтти

0
Байрам кейпиятында өтти

Бүгинги күнде қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн алдынан дүньяның ҳәр мүйешинен жерлеслеримиз, досларымыз арқалы елимизге қутлықлаўлардың жетип келиўи- ана тилге болған меҳир-муҳаббатымызды және де арттырады. Орынларда болса байрам илажлары даўам етпекте.

Усындай салтанатлы жыйналыс Тахтакөпир районындағы мәденият орайының мәжилислер залында болып өтти. Район ҳәкими Ж.Адилов жыйналғанларды қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил бийлигин алған күни менен қызғын қутлықлады. Түрли миллет ўәкиллери жасайтуғын  район халқы қарақалпақ тилин ҳүрмет ететуғынын атап өтти.
Тил-жер сыяқлы әўладтан әўладқа қалдырылатуғын мийрас. Оны патаслаў - өзиңди қорлаў болып қалмай, кейинги әўладыңды да зәҳәрлейди,-дейди данышпанлар ана тили ҳаққында. Солай екен, қарақалпақ тилиниң  тазалығын сақлаў-бүгинги күнги ўазыйпалардан бири болып табылады. 
Байрам ойын-заўықлар менен даўам етти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети