Siyosat Cаламатлық жолында

Cаламатлық жолында

0
Cаламатлық жолында

Мәмлекетимиз тәрепинен медицина тараўына айрықша әҳмийет берилип, алыс елатлы пунктлерде жасаўшы халықтың жағдайын жақсылаўда, олардың саламатлығын беккемлеўде үлкен өзгерислерди жаратып атыр. Аўыллық шыпакерлик пунктлери қайта қурылып, яки жөнлеўден өткерилип, олар медициналық әсбап-үскенелер менен толықтырылмақта. Деген менен еле де болса аўыллық орынлардағы денсаўлықты сақлаў шөлкемлеринде қәниге шыпакерлердиң жетиспейтуғыны бар гәп. Президентимиз тәрепинен медициналық оқыў орынларын питкериўши жасларды қоллап-қуўатлап, оларды аўыллық орынларға тартыўда материаллық мүмкиншиликлер жаратып берилмекте. 

Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги Өзбекстан "Миллий тикланиш" демократиялық партиясы республикалық бөлими менен биргеликте алыс аўылларда пайтахт, район ҳәм аўыл шыпакерлериниң халықты бийпул медициналық көриктен өтиўин шөлкемлестирди. Усындай шыпакерлер командасы "Дәўқара" аўылы халқының саламатлығын көзден өткерди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети