Siyosat Халықты дизимге алыў алдынан

Халықты дизимге алыў алдынан

0
Халықты дизимге алыў алдынан

Тахтакөпир районындағы 5-санлы орта мектепте  районлық статистика бөлими қәнигелери тәрепинен семинар өткерилди.

Семинарда  “Халықты дизимге алыў ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы ҳәм  Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги 710-санлы “Өзбекстан Республикасында 2023-жылда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў ис-илажлары ҳаққында"ғы қарарының  мазмуны менен әҳмийети түсиндирилди. 
Бүгинги күнде дүнья жүзинде  коронавирус пандемиясы себепли, бир неше мәмлекетлерде халықты дизимге алыўды өткериў мүддетлерин кейинги жылларға көшириў шаралары көрилмекте. Сондай-ақ, 2020-жылда Россия Федерациясы, Қазақстан ҳәм Армения Республикаларында өткериў режелестирилген халықты дизимге алыў илажлары 2021-жылға көширилди.
Халықты дизимге алыў илажы кең көлемли, көп ўақыт ҳәм үлкен қаржы талап ететуғын илаж болып, оны өткериў ушын 2-3 жыл даўамында таярлық жумысларын алып барыў талап етиледи.
Республикамызда ғәрезсизлик жылларында халықты дизимге алыў илажы биринши мәрте өткерилип атырғанлығын инабатқа алып, илажға пухта таярлық көриў ҳәм оны сапалы өткериў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги "Өзбекстан  Республикасында 2023-жылда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў ис-илажлары ҳаққында"ғы 710-санлы қарары менен Республикамызда халықты дизимге алыў илажы 2023-жылда алып барылыўы белгиленди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети