Siyosat ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

0
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

СИЗ ИСБИЛЕРМЕНЛИК УШЫН ТӘЎЕКЕЛГЕ БЕЛ БУЎДЫҢЫЗБА?

ОНДА ҲЕШ ЕКИЛЕНБЕЙ БАНКЛЕРДЕН ЖЕҢИЛЛЕТИЛГЕН КРЕДИТЛЕР АЛЫЎ МYМКИНШИЛИГИҢИЗ БАР ЕКЕНИН ХАБАРЛАЙМыЗ! 

 

Ҳүрметли пуқаралар!

Район аймағындағы "Агробанк"тиң ҳәм "Халықбанк"тиң Тахтакөпир филиаллары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 24-октябрь күнги "Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында әмелге асырылып атырған жойбарларды кредитлеў тәртибин жетилистириўдиң қосымша ис-иләжлары ҳаққында"ғы ПҚ-4498-санлы қарары тийкарында шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде орайлық банктиң қайта қаржыландырыў ставкасында  бүгинги күнде 14 пайыздан 3 жыл мүддетке 6 ай жеңилликли дәўир менен жеңиллетилген кредитлер ажыратылады.

Бунда физикалық шахслар ушын керекли болған ҳүжжетлер

-Паспорт нусқасы;

-Сектор ҳәм АПЖ, МПЖ баслықлары тәрепинен усыныс;

-районлық исши топардың жуўмағы;

-жеткерип бериўши кәрхана менен дүзилген шәртнамасы талап етиледи.

Юридикалық шахслар ушын:

-Гүўалық нусқасы;

-Сектор ҳәм АПЖ, МПЖ баслықлары тәрепинен усыныс;

-районлық исши топардың жуўмағы;

-жеткерип бериўши кәрхана менен дүзилген шәртнамасы талап етиледи.

Жеңиллетилген кредит қаржылары гиреў тәмийнатысыз ең кем ис ҳақысының 150 есеси муғдарында өткерип бериў жолы менен ажыратылады.

Жеңиллетилген кредит қаржылары физикалық ҳәм юридикалық шахслар ушын ислеп шығарыў үскенелери, нәсилли мал ҳәм қой ешкилер, жеке үй алды қыйтақ жер, хызмет көрсетиў ушын керекли әсбап-үскенелерге кредитлер ажыратыў нәзерде тутылған.

Мүрәжатлар ушын телефонлар:

 

Халық банк: 61-435-19-96;

Агробанк:      61-435-26-86.

 

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети