Siyosat Тахтакөпирли дийқанлар пахта жобасын орынлап шықты

Тахтакөпирли дийқанлар пахта жобасын орынлап шықты

0
Тахтакөпирли дийқанлар пахта жобасын орынлап шықты

Миллий байлығымыз есапланған пахта өнимин терип-жыйнап алыўда дийқанларымыз бар күш жигерин жумсады десек, асыра айтқан болмаймыз. Быйылғы зүрәәттиң өз ўақтында жыйнап алыныўында тәбият та қарасты, жаўын-шашын болмады. Деген менен егислик ҳәм оннан соңғы ғаўаша тәрбиясы дәўиринде дийқанларымыз суў мәселесинен қыйыншылық көрмеди деп те айта алмаймыз. Бар суўдан үнемли пайдаланып, көмекшилердиң жәрдеми менен үлкен аўызбиршилик себепли район фермер-дийқанлары гүзги зүрәәтте жүзлери жарқын болып, мәмлекетлик жобаны орынлап шықты.

Райондағы 123 фермер хожалығы 2910 гектар жерге егилген шигиттен мәмлекетке 6250 тонна пахта шийки затын жыйнап тапсырыў ушын "Халқабад пахта тазалаў" акционерлик жәмийети менен  шәртнама дүзген еди. Фермер хожалықлары 6257 тонна пахта тапсырып өз ўазыйпалары үстинен шығыўға еристи.

Дийқанларымыздың бүгинги шашлаған қырманына көз айдын айтамыз!

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети