Siyosat ЖАҢА ҚУРЫЛЫСЛАРДА ҚӘЎИПСИЗЛИК ҚАҒЫЙДАЛАРЫ

ЖАҢА ҚУРЫЛЫСЛАРДА ҚӘЎИПСИЗЛИК ҚАҒЫЙДАЛАРЫ

0
ЖАҢА ҚУРЫЛЫСЛАРДА ҚӘЎИПСИЗЛИК ҚАҒЫЙДАЛАРЫ

Районлық Айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери тәрепинен район аймағында жайласқан жеке меншик турақ жайларда ҳәм жаңа қурылыслар даўам етип атырған орынларда өрт қәўипсизлиги ҳәм айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша жумыслар исленип атыр.Қәўипсизлик қағыйдаларға әмел етпестен айырым мекеме ҳәм турақ жай ийелери бийпәрўалық пенен қарап атырғанының гүўасы болып атырмыз.

Жаңа қурылыс орынларында мекеме басшылары өртке қарсы илажларға айтарлықтай дыққат аўдармай атырғаны, кепсерлеў жумысларында ток сымлары қағыйдаға муўапық емес ҳалда ҳәм 5 метр жерге ОП-5 өрт өширгиши менен тәмийинлемей жумыс исленип, ишки ҳәм сыртқы өртке қарсы суў тәмийнатына итибарсыз қарап атырғаны сыр емес.

Усындай қурылыс имаратларында бахытсыз ҳәдийселердиң жүз бермеўи ушын олар биринши дәрежели өрт өшириў қураллары менен тәмийинлениўи ҳәм кепсерлеў жумыслары даўамында ток сымлары «Электр үскенелерин орнатыў» қағыйдасына муўапық жүргизилиўин, газ тармағынан резина шланга арқалы пайдаланбаўды және бир мәрте ескертемиз.

Қайыпберген ТАҢЫРБЕРГЕНОВ

Районлық Айрықша жағдайлар бөлими

норматив-техникалық бөлимше баслығы, аға лейтенант