Siyosat Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 14-август күнги 217-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў ҳаққында

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 14-август күнги 217-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў ҳаққында

0
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл  14-август күнги 217-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 13-августтағы 5780-санлы Бийлигиниң 10-бәнти, Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 20-декабрьдеги 1023-санлы қарары, Өзбекстан Республикасы «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамның 6-статьясына муўапық,

Ш Е Ш И М    Е Т Е М Е Н:

 

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 14-август күнги «Қарақалпақстан Республикасы аймағында бос турған жер майданларынан өмирлик ийелик етиў ҳуқықын ҳәр бир район (қала) кесиминде басланғыш баҳасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 217-санлы қарары орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң жоқарыда көрсетилген қарары менен:

а) «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасында аукционға шығарыў ушын жер майданларының жайласқан аймағынан келип шығып,  Нөкис қаласы ҳәм районларда бос жер майданларынан өмирлик ийелик етиў ҳуқықын (0,01 га майданы ушын) 2020-жыл II шереги ушын басланғыш баҳасы қосымшаға муўапық белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Район ҳәкиминиң орынбасары Д. Жумабаевқа исбилерменлик ҳәм қаласазлық искерлигин әмелге асырыў мақсетинде бос турған жер майданларын «E-IJRO AUKSION» саўда майданшасына электрон онлайн- аукционға шығарыў ушын жер майданларынан өмирлик ийелик етиў ҳуқықын сатыўдың басланғыш баҳасын есаплаўда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 14-август күнги 217-санлы қарарының қосымшасында көрсетилген баҳалар тийкарында әмелге асырыў ўазыйпасы тапсырылсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 20-декабрьдеги «Исбилерменлик ҳәм қаласазлық искерлигин әмелге асырыў ушын бос турған жер майданларын (участкаларын) бериў тәртип-дәстүрлерин және де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 1023-санлы қарары менен тастыйықланған Исбилерменлик ҳәм қаласазлық искерлигин әмелге асырыў ушын жер майданларын электрон онлайн-аукцион арқалы бериў тәртиби ҳаққындағы Нызам талапларынан келип шығып, архитектуралық режелестириў тапсырмаларын ислеп шығыў ушын – ең кем базалық есаплаў муғдарының төрт еселенген муғдарында белгиленгенлиги ҳәм архитектуралық режелестириў тапсырмаларын ислеп шығыў муғдары район ҳәкимлиги тәрепинен жергиликли бюджеттиң қосымша қаржылары есабынан архитектуралық режелестириў тапсырмаларын ислеп шығылған күннен баслап толық төлеп берилиўи инабатқа алынсын.
  3. Район ҳәкиминиң орынбасарлары Д. Жумабаев, Қ. Дарибаев, Әдиллик бөлими баслығы Н. Қалимбетов аукцион жеңимпазлары менен биргеликте жойбарларды әмелге асырыў барысында өз жөнелислери бойынша турақлы мониторинг өткерип барылсын.
  4. Район ҳәкимлигиниң бас есапшысы Қ.Сейтназаровқа, жер майданына болған ҳуқықларын «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасында аукцион арқалы сатыўдан район ҳәкимлигиниң арнаўлы есап бетине келип түскен қаржыларды өз ўақтында ҳәм әмелдеги нызамда белгиленген тәртипте жергиликли бюджетке жибериўин тәмийинленсин.
  5. Тахтакөпир районы ҳәкиминиң 2020-жыл 19-марттағы 396-санлы шешими өз күшин жойтқан деп есаплансын.
  6. «Тахтакөпир таңы» газетасы редакторы Г.Давлетмуратоваға усы шешимди белгиленген тәртипте халық ҳәм исбилерменлер арасында кең ен жайдырыў ҳәм мақалаларды баспадан шығарыў ҳәм «Тахтакөпир таңы» газетасы арқалы кең жарытып барыў тапсырылсын.
  7. Усы шешим жәрияланған күннен баслап өз күшине кириўи белгилеп қойылсын.
  8. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Д.Жумабаевқа тапсырылсын.

          Тахтакөпир районы ҳәкими:                      Ж.Адилов

 № 731                                                          20 - август 2020-жыл

 

 

Жеке тәртиптеги үй-жай қурыў ушын жер участкаларына мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықын сатыўдың басланғыш баҳасы

Район ҳәм қала Аймақлар Базалық есаплаў муғдары (БЕМ)на салыстырмалы түрде 0,01 гектар жер участкасының басланғыш баҳасы (сўмда) 0,04 гектар жер участкасының басланғыш баҳасы (сўмда) Жер участкасын ажыратыў бойынша жумыслар
(БЕМ)на салыстырмалы пайыз Муғдары (сумма)
1 2 3 4 5 6 7 8

1

 

Тахтакөпир районы

 

Район орайы 3 669 000 2 676 000 125% 278 750
Аймаклардағы елатлы пунктлер 1 223 000 892 000 125% 278 750
Аймақлардағы елатлы пунктлерине кирмейтуғын жерлер 0,5 115 000 446 000 125% 278 750